Елликқала районындағы бағшылыққа қәнигелестирилген «Адамбай-Саловат» фермер хожалығы тәрепинен халқымызды арзан ҳәм сапалы мийўе-палыз өнимлери менен тәмийинлеў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

2006-жылы шөлкемлестирилген хожалықта бүгинги күни 9,5 гектар майданда бағ, 3 гектарда жүзимзарлық жаратылды. Ҳәзирги ўақытта мийўе ағашларына форма бериў, қатар араларын аўдарыў ҳәм егиске таярлаў жумыслары алып барылмақта. Бул жумысларға тәжирийбели бағманлар тартылған. Фермер хожалығында 5 адам турақлы, 20 адам мәўсимлик жумыс пенен тәмийинленген.

Жетистирилген өнимлерди сапалы сақлаў мақсетинде акционерлик-коммерциялық «Агробанк»тен алынған 200 миллион сум кредит есабынан 200 тонналық сыйымлылықтағы мийўе-палыз өнимлери сақланатуғын музлатқышлы қоймахана иске түсирилди. Буннан тысқары, ҳәр бири 150 тонналық сыйымлылықтағы еки усындай музлатқышлы қоймахана пайдаланыўға тапсырылды. Улыўма 500 тонналық музлатқышта тек өзлериники ғана емес, ал қоңсылас фермер хожалықлары тәрепинен, сондай-ақ, халықтың қыйтақ жерлеринде  жетистирилген өнимлер сапалы сақланады. Ҳәзирги ўақытта бул жерде Самарқанд ўәлаятынан алып келинген туқымлық картошка сақланып, егис ўақтында аймақтағы фермер хожалықларына шәртнама тийкарында тарқатылады.

Бағдың қатар араларына тәрбия бериў ушын еки дана бағшылық тракторы, егис агрегатлары, музлатқышларда хызмет көрсететуғын «ISUZU» ҳәм  LABO маркалы жүк автомашиналары, сондай-ақ, жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў мақсетинде заманагөй эксковатор сатып алынды.

-«Бағдың үсти алладан, асты бендесинен»,-дегениндей, бағшылық тараўы үлкен дәрамат дәреги,-дейди фермер хожалығының баслығы Саловат Атабаев.-Бул ушын оған айрықша меҳир менен тәрбия бериў талап етиледи.

Фермер хожалығы ағзалары жетистирилген өнимди сапалы сақлаў менен бир қатарда, оны усы жердиң өзинде қайта ислеп, таяр өним етип шығарыўды өз алдына ўазыйпа етип қойды. Усы мақсетте фермер хожалығының шөлкемлестириўинде «Бостан агросанаат саўда» жуўапкершилиги шекленген жәмийети түриндеги агрофирма дүзилип, жумыс баслады. Агрофирманың жанында мийўе-палыз өнимлерин қайта ислейтуғын цех иске түсирилди. Бул жерде варенье, томат пастасы, соус, шербет, салат сыяқлы тоғыз түрдеги өним ислеп шығарылады. Ең әҳмийетлиси, бул өнимлер Россия ҳәм Қазақстан еллерине экспортқа жибериледи. Соның есабынан 15 адам турақлы, цех ислеп турған пайытында усы аймақтағы 50 ден аслам ҳаял-қыз жумыс пенен тәмийинленеди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.