Қарақалпақстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў комитетине өткен жыл даўамында жәми 142 арза ҳәм шағымлар келип түсип, соннан 106 жазба түрде, 36 исеним телефоны арқалы мүрәжат келип түсти. Келип түскен мүрәжатлардың 62 саўда, 50 коммунал хызметлер, 12 транспорт ҳәм басқа тараўларда жүзеге келген машқалалар ҳаққындағы мүрәжатларды қурады. Усы арза ҳәм шағымлар «Өзбекстан Республикасы пуқаралардың мүрәжатлары ҳаққында»ғы нызамы талапларына тийкарланып көрип шығылды ҳәм олардың 85-90 проценти тутыныўшылардың пайдасына шешилип, 10 миллион 378 мың 400 сум тутыныўшылар пайдасына қайта есап-санақ етилиўи тәмийинленди. 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги