Ғәрезсиз мәмлекетлер дослық аўқамы пуқараларын республикамыздың жоқары оқыў орнына қабыллаў тек сәўбет өткериў жолы менен әмелге асырылатуғын болды.

Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм Орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен республикамыздағы еки жоқары оқыў орнының ректорларына ҳәм төрт филиалдың директорларына 7-июль күни қыстаўлы түрде мәлим еткен хатында усындай хабар бериледи.

Жақында Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2008-жыл 4-августтағы «Шет еллик пуқараларды Өзбекистан Республикасы оқыў орынларына қабыллаў ҳәм оқытыў тәртибин жетилистириў ҳаққында»ғы қарарына өзгерис киргизилип,  ҒМДА пуқараларын Жоқары оқыў орынларына қабыллаў бойынша Ўақтынша қолланба (Муваққат йўриқнома) усынылмақта. Бул қолланбада сәўбет түриндеги имтиханлар (билимлендириў әмелге асырылатуғын жергиликли тиллерде) 2-10-август күнлери аралығында өткерилиўи, оны ЖОО ның ректоры, шет еллер менен ислесиў бөлими баслығы ҳәм басқа да жәми 7 ағзадан ибарат комиссия әмелге асырыўы тийислиги  ҳаққында тапсырмалар бериледи.

Басқа мәмлекетлердиң пуқаралары тест сынақларынан да, сәўбеттен де өтиўи керек болады.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

 

Телеграмдағы каналда бизге қосылың