15-март күни Нөкис районындағы билимлендириў, илим ҳәм мәденият хызметкерлери кәсиплик аўқамы Кеңесиниң шөлкемлестириўинде район орайындағы Жас өспиримлер спорт комплексинде билимлендириў мәкемелери хызметкерлери арасында спорттың қол гүреси, арқан тартыс ҳәм жуўырыў түрлери бойынша жарыс өткерилди. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты мәлим етти.

Жарыс жуўмағында жеңимпазлар анықланып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом және естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги