2018-жылдың 4-март күни Нөкис қаласы Гөне қала елатында жайласқан автомобильлер туратуғын жерде бурын бир неше мәрте судланған пуқара Ж.Е. спиртли ишимлик ишип, мәс ҳалында бийтаныс пуқараға тасланып, дене жарақатын жеткерип, оның бир дана «Самсунг Дуос» маркалы уялы телефонын ҳәм 300 000 (үш жүз мың) сум муғдарындағы ақшасын ашықтан-ашық тонап ўақыя орнынан жасырынбақшы болған ўақытта ишки ислер уйымлары тәрепинен усланды.

Бул жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 166-статьясы 1-бөлими менен жынаят иси қозғатылып, дәслепки тергеў жумыслары алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги