Ҳүрметли Нурсултан Абишевич!

Ҳүрметли делегация ағзалары!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Ең дәслеп, Қазақстан Республикасы Президентине ҳәм қазақстанлы барлық досларымызға дәстүрий миймандослығы ҳәм ушырасыўымыз жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени ушын шын жүректен миннетдаршылық билдириўге руқсат еткейсиз.

Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының биринши мәсләҳәт ушырасыўы әйне Астана қаласында өткерилип атырғаны тосыннан емес.

Ҳүрметли ақсақалымыз Нурсултан Абишевич регионаллық шерикликти беккемлеў, экономиканың түрли тармақларында интеграцияласыўды тереңлестириў ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды избе-из раўажландырыўға айрықша итибар берип келмекте.

Оғада қысқа мүддетте шөлкемлестирилген бул саммит, сөзсиз, тарийхый ўақыя болып табылады, десем, сизлер де бул пикирди қоллап-қуўатлайсыз, деп ойлайман.

Бүгин Орайлық Азия халықлары арасындағы көп әсирлик дослық, жақсы қоңсышылық, бир-бирин қоллап-қуўатлаў ҳәм бирге ислесиў жылнамасында жаңа бет ашылды.

Биз регион мәмлекетлери басшыларының ушырасыўларын турақлы өткериў ҳаққындағы басламаны алға қояр екенбиз, ҳәзирги күнде регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыў ушын пүткиллей жаңа имканиятлар жүзеге келип атырғанына тийкарланған едик.

Әсиресе, соңғы бир ярым жылда болып өткен ҳәм бир қатар әҳмийетли машқалалардың әмелий шешимин табыў, жаңа шәртнама ҳәм келисимлерге кол қойыў имканиятын берген өз-ара сапар етиўлеримиз, турақлы ушырасыў ҳәм сөйлесиўлеримиз принципиаллық жақтан жаңа форматтағы бирге ислесиў ушын беккем тийкар болды.

Ерисилген нәтийжелердиң әҳмийети бәршемизге белгили.

Өзбекстанның Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан менен товар алмасыў көлеми өткен жылдың жуўмақларына бола, дерлик 3 миллиард долларды қурады, яғный, 20 процентке артты.

Бул бойынша өз-ара товар жеткерип бериў 2 есеге көбейди.

Жақын жылларда өз-ара саўда көлемин 5 миллиард долларға жеткериўди мөлшерлемектемиз.

Биз еллеримизди байланыстырып турған ең әҳмийетли транспорт жолларын қайта тикледик ҳәм модернизацияладық, жаңа жер үсти ҳәм ҳаўа жолларын аштық. Өз-ара енгизилген шегирмелер нәтийжесинде жүк тасыў, бәринен бурын транзит көлеми артып бармақта.

Шегараларымыздағы өткериў пунктлери өз жумысын қайта жолға қойды, биз олардың өткериўшеңлик имканиятын кеңейпектемиз. Шегара мәкемелери ҳәм бажыхана уйымларының нәтийжели бирге ислесиўи жолға қойылмақта.

Бир неше мысал келтирмекшимен. Мәселен, өз жумысын қайта тиклеген өткериў пунктлери арқалы исбилерменлик ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы байланысларды жеделлестириў шеңберинде өз ағайинлери менен ушырасыў ҳәм саяхатшылық объектлерин көриў мақсетинде мәмлекетлеримиз шегараларынан ҳәр күни он мыңлаған пуқараларымыз өтпекте.

Буннан тысқары, шегаралар ҳәм жоллардың ашылыўы себепли ишки базарларымыздағы товарлардың айрықша түрлери 20 процентке арзанлағаны бақланбақта.

Әлбетте, бундай имканиятлардан бәринен бурын пуқараларымыз пайда көрмекте. Ол ­ биргеликтеги жумысларымыздың әмелий нәтийжеси болып табылады.

Булардың барлығы регионымызда мәмлекетлеримиз халықларының мәплерине хызмет ететуғын үлкен потенциал бар екенинен дерек береди.

Экспертлердиң есап-санақларына бола, Орайлық Азия мәмлекетлериниң экономиканың түрли тармақлары бойынша бирге ислесиўиниң кеңейиўи регионның жалпы ишки өнимин жақын 10 жылда кеминде еки есе арттырыў имканиятын береди.

Биргеликтеги барлық ис-ҳәрекетлеримиз, жойбар ҳәм бағдарламаларымыз, әлбетте, өз-ара исеним ҳәм ҳүрмет орталығын беккемлеп, халықларымыз тәрепинен қоллап-қуўатланып атырған ҳәм олардың мәплерине толық жуўап беретуғын регионаллық бирге ислесиўди избе-из раўажландырып, мазмунлы байытпақта.

Усы мүнәсибет пенен ушырасыўымызды ҳәр жылы бәҳәр байрамы ­ Наўрыз қарсаңында гезек пенен мәмлекетлердиң биринде өткерип барыўды усыныс етемиз. Кейинги, мине, усындай ушырасыўды Ташкент қаласында өткериўди усыныс етемен.

Төмендеги тийкарғы ўазыйпаларды шешиў бирге ислесиўимиздиң тийкарғы бағдарлары сыпатында белгилеп алыўды усыныс етемен:

Бириншиден, Орайлық Азияда қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў тараўында нәтийжели регионаллық бирге ислесиўди кеңейтиў ушын жаңа резервлер менен әмелий механизмлерди излеў;

екиншиден, саўда-экономикалық, инновация, инвестиция, транспорт-коммуникация, банк-қаржы, суў-энергетика ҳәм мәдений-гуманитар тараўлардағы шериклик бойынша анық бағдарламалар ­ «жол карталары»н ислеп шығыў;

үшиншиден, ең әҳмийетли халықаралық ҳәм регионаллық мәселелер бойынша кеңнен пикир алысыў, олар бойынша улыўма позицияны келисип алыў ҳәм оны кейин БМШ, ҒМДА, ШБШ ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлер шеңберинде алға қойыў.

Өткен жыл ноябрь айында Самарқандта БМШ қәўендерлигинде болып өткен халықаралық конференция соны көрсетти, системалы пикирлесиў, барлық тәреплердиң мәплерин инабатқа алыў ҳәм ақылға уғырас келисиў тийкарында өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери Орайлық Азияның барлық еллери тәрепинен қоллап-қуўатланбақта.

Сизлерге жақсы белгили усы конференцияның жуўмағында биз биргеликте БМШ Бас Ассемблеясына арнаўлы резолюция қабыллаў бойынша мүрәжат еттик.

Мине усы ҳүжжеттиң кабыл етилиўи Орайлық Азияда тынышлықты, қәўипсизликти ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеў бойынша биргеликтеги ис-ҳәрекетлеримиздиң халықаралық жәмийетшилик тәрепинен қоллап-қуўатланыўына ерисиў мүмкиншилигин береди.

Өзбекстан регионымыз мәмлекетлери менен ашық-айдын, өз-ара пайдалы ҳәм тығыз бирге ислесиўди кеңейтиўге ҳәм беккемлеўге таяр екенин және бир мәрте атап өтиўди зәрүр, деп билемен.

Бул ­ бизиң сыртқы сиясатымыздың ең әҳмийетли тийкарғы бағдары болып табылады.

Ҳүрметли Нурсултан Абишевич!

Ҳүрметли ушырасыў қатнасыўшылары!

Регионаллық бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларын әмелге асырыў бойынша анық механизмлер бойынша Өзбекстанның көзқарасы ҳаққында сөз етиўге руқсат еткейсиз.

Бириншиден. Региондағы саўда-экономикалық байланысларды буннан былай да кеңейтиў.

Төмендегилер бул ўазыйпаны әмелге асырыўдың ең әҳмийетли тийкарлары болып табылады:

– мәмлекетлеримиз арасындағы еркин саўда тәртибиниң толық жумыс ислеўин жолға қойыў;

– шегара алды аймақлардағы саўданы, өндирис кооперациясын жедел раўажландырыў, сондай-ақ, еллеримиз аймақлары арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў.

Бул шын мәнисинде үлкен потенциалға ийе болған ири регионаллық базарды қәлиплестириў имканиятын береди.

Қоспа бағдарламалар ислеп шығыў ушын быйылғы жылы Ташкентте биринши Регионаллық экономикалық форум өткериўди усыныс етемиз.

Бул еллеримиздиң исбилермен топарлары ҳәм жетекши сырт ел инвесторлары арасында анық жойбарларды әмелге асырыў ушын тиккелей байланыс орнатыўға мүмкиншилик жаратады.

Екиншиден. Орайлық Азия регионының транзит-логистика потенциалын түп-тийкарынан арттырыў ­ ис-ҳәрекетлеримизди бирлестириўди талап ететуғын оғада әҳмийетли стратегиялық бағдар болып табылады.

Орайлық Азияны ири теңиз портлары ҳәм жәҳән базарлары менен байланыстырыў имканиятын беретуғын транспорт-коммуникация жойбарларын әмелге асырыў биз ушын тийкарғы бағдар болыўы лазым, деген пикирди қоллап-қуўатлайсыз, деп ойлайман.

Усы көзқарастан төмендегилерди усыныс етемиз:

– Халықаралық транспорт ҳәм транзит коридоры ҳаққындағы Ашхабад келисими шеңберинде биргеликтеги ис-ҳәрекетлер менен Орайлық Азия – Персия қолтығы трансрегионаллық жөнелисинен нәтийжели пайдаланыў;

– Қубла Азияға шығатуғын Трансаўған коридорын қәлиплестириў, сондай-ақ, Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан автомобиль ҳәм темир жол магистралларын қурыўға кирисиў;

– Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң гезектеги саммитинде россиялы шериклер тәрепинен усыныс етилген ШБШ жолларын раўажландырыў бағдарламасын келисиўди тезлетиў ҳәм қабыл етиў.

Соның менен бирге, бажыхана ҳәм ҳәкимшилик тәртип-қағыйдаларды буннан былай да әпиўайыластырыў және унификациялаў, жүклерди тасыў ҳәм олардың транзити бойынша еки тәреплеме жеңилликли тарифлерди қәлиплестириў бойынша өз-ара келисилген илажларды қабыл етиў бүгинги күндеги кешиктирип болмайтуғын ўазыйпа болып есапланады.

Мине усы улыўма регионаллық ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде биз быйылғы жылдың октябрь айында Ташкентте «Орайлық Азия халықаралық транспорт коридорлары системасында: стратегиялық перспективалар ҳәм әмелге асырылмаған имканиятлар» атамасында халықаралық конференция өткериўди режелестиргенбиз.

Бул әнжуманда Орайлық Азияның барлық мәмлекетлеринен ўәкиллердиң белсене қатнасатуғынына исенемиз.

Үшиншиден. Орайлық Азия халықларының абаданлығы ҳәм пүткил регионның экономикалық раўажланыўы әзел-әзелден суў ресурслары менен қаншелли тәмийинленгенине байланыслы болған. Тек биргеликте ҳәрекет етип, бул әҳмийетли мәселениң ҳақыйқый шешимин табыўымыз мүмкин.

Арал апатшылығы ақыбетлерин сапластырыў бойынша мәмлекетлеримиз ҳәм жәҳән жәмийетшилигиниң биргеликтеги ис-ҳәрекетлериниң нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў әҳмийетли ўазыйпа болып табылады.

Төртиншиден. Нәтийжели регионаллық бирге ислесиўдиң тийкарғы шәртлеринен бири ­ мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдан ибарат.

Регионда дослық, жақсы қоңсышылық, өз-ара түсинисиў ҳәм турақлылық орталығын беккемлеўде бул тараўдың орны ҳәм роли шексиз.

Төмендеги тараўларда бирге ислесиў бәрқулла дыққатымыз орайында болыўы лазым:

– билимлендириў ҳәм илим тараўында, соның ишинде, жоқары билимлендириў мәкемелеримиз арасында бирге ислесиў байланысларын орнатыў ҳәм раўажландырыў;

– регионда ишки туризмди раўажландырыў ҳәм биргеликте ислеп шығарылатуғын саяхатшылық өнимлерин сыртқы базарларға алып шығыў;

– еллеримиз халқының көпшилик бөлегин жаслар қурайтуғынын инабатқа алып, жаслар шөлкемлери арасында бирге ислесиўди орнатыў. Регионымыз мәмлекетлери делегацияларын усы жыл июнь айында Самарқадта болып өтетуғын Орайлық Азия жаслары форумына мирәт етемен.

Буннан тысқары, еллеримизде мәденият, көркем өнер ҳәм кино күнлерин, спорт илажларын турақлы өткериў айрықша әҳмийетке ийе.

Ҳүрметли мәмлекет басшылары!

Қәўипсизлик тараўындағы бирге ислесиўимиздиң бир қатар әҳмийетли мәселелерине айрықша тоқтап өтпекшимен.

Бириншиден. Мәмлекетлик шегараларды ҳуқықый жақтан рәсмийлестириў бойынша жолға қойылған өз-ара жумысларымызды избе-из даўам еттириўимиз зәрүр.

Биз өз-ара мәплерди есапқа алыў, ақылға уғрас келисимлер тийкарында усы оғада әҳмийетли машқаланы қысқа мүддетте толық шешиўге ерисетуғынымызға исенимим кәмил.

Шегараларымыз дослық ҳәм жақсы қоңсышылық көпирине айланатуғынына беккем исенемен.

Екиншиден. Бүгинги күнде регион еллери терроризм, диний экстремизм, трансмиллий шөлкемлескен жынаятшылық ҳәм наркотрафик қәўиплерине дус келмекте.

Бул қәўип-қәтерлерге қарсы тек ис-ҳәрекетлерди бирлестириў арқалы ғана нәтийжели гүресиў мүмкин.

Усы мүнәсибет пенен ҳуқық қорғаў мәкемелери ҳәм арнаўлы хызметлер бағдарында әмелий бирге ислесиўди ҳәм өз ўақтында мәлимлеме алмасыўды даўам еттириў жүдә зәрүр және айрықша әҳмийетке ийе, деп есаплаймыз.

Үшиншиден. Экстремизм идеологиясына қарсы гүресиў, усы мақсетте халыққа, бәринен бурын, жасларға ислам дининиң ҳақыйқый гуманистлик мазмун-мәнисин жеткериў ең әҳмийетли ўазыйпа.

Усы мүнәсибет пенен Өзбекстанда Имам Бухарий атындағы халықаралық илимий-изертлеў орайы, Ислам цивилизациясы орайы ҳәм Ислам академиясын шөлкемлестирдик.

Төртиншиден. Орайлық Азияның турақлы ҳәм избе-из раўажланыўын тәмийинлеў қоңсы Аўғанстанда тынышлыққа ерисиў менен тығыз байланыслы.

Бул машқаланы шешиўде тыныш сөйлесиўлер жүргизиўден басқа альтернатив жол жоқ екенин итибарға алып, Өзбекстан ҳәм Аўғанстан быйылғы жылдың 26-27-март күнлери Ташкентте Аўғанстан бойынша жоқары дәрежедеги халықаралық конференция өткериў бойынша баслама менен шықты.

Биз, мине, усы басламаны қоллап-қуўатлағаны ушын Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларынан миннетдармыз, бул улыўма мәплеримиз ушын жүдә айрықша әҳмийетке ийе.

Бесиншиден. Биринши гезекте шегара алды аймақларда айрықша жағдайлар, техноген ҳәм экологиялық апатшылықлар, тәбийғый апатшылықлардың алдын алыў ҳәм олардың жүзеге келиўине қарсы өз ўақтында ҳәрекет етиў бойынша бирге ислесиў механизмлерин жаратыў зәрүр.

Ҳүрметли делегациялар басшылары!

Ушырасыўымыз даўамында ашық-айдын пикир алысыў, регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери бойынша әмелий шешимлерди додалаў ҳәм қабыл етиў пүткил Орайлық Азияда қәўипсизликти, турақлылықты ҳәм избе-из раўажланыўды буннан былай да беккемлеўде әҳмийетли қәдем болатуғынына исенемен.

Сөзимди жуўмақлар екенмен, Сиз, ҳүрметли кәсиплеслерим ҳәм досларымды, Сизлер арқалы туўысқан Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан халықларын жақынласып киятырған бәҳәр ҳәм жаңаланыў байрамы ­ Наўрыз әййямы  менен шын жүректен қутлықлайман.

Бәршеңизге тынышлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тилеймен.

Итибарыңыз ушын рахмет.