«Ҳайўанларды идентификациялаў, оларды есапқа алыў, есаптан шығарыў ҳәм сақлаў тәртиплери ҳаққында»ғы   Ҳүкимет қарарына муўапық, 2020-жылға шекем пуқараларға тийисли барлық үй ҳайўанлары дизимге алынады.

– Мақсет – фермер хожалықларындағы, жәрдемши хожалықлардағы ҳәм халықтың меншик үй ҳайўанларын есапқа алыў ҳәм есаптан шығарыўды тәртипке салыўдан ибарат,-дейди Қарақалпақстан Републикасы ветеринария комитетиниң ҳайўанлардың денсаўлығын сақлаў бөлиминиң қәнигеси Г.Бердимуратов.- Бунда ҳайўанларға сырға, тамға, чип, жетонлар басылып, оларға ветеринария паспортлары бериледи. Ҳәр бир ҳайўан тийисли кодлар менен белгиленеди. Мәселен, қара маллар-1, кой-ешкилер-2, түйелер-3, ийтлер-8 болып кодланады.

Үй ҳайўанларын дизимге алыў, шығарыў жумыслары 2018-2020-жылларда басқышпа-басқыш әмелге асырылады.

Егер үй ҳайўанларының ийелери басқа жерге көшсе, сол жердеги  жергиликли ветеринария хызмети тәрепинен қайтадан есаптан өткериледи.

Қарарға муўапық ҳайўан ийелеринен малларын идентификациялаў ушын төлем өндириледи. Төлем муғдарлары Қаржы министрлиги менен келисилген ҳалда ветеринария комитети тәрипинен белгиленеди.

Ҳәзирги  ўақытта  Министрлер  Кабинетиниң  усы  қарары  бойынша  районларда  ветеринария  қәнигелери  тәрепинен ҳайўанларды  идентификациялаў  бойынша  түсиндириў  жумыслары  алып  барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги