«Әзиз ўатанласлар, ҳәр күниңиз Наўрыз болсын!» деген идеяны өзинде жәмлеген Наўрыз улыўмахалықлық байрамын мүнәсип белгилеў мақсетинде республикамызда байрам алды бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Наўрыз улыўмахалықаралық байрамы мүнәсибети менен республикамыздың барлық қала ҳәм районларында, халық арасында руўхый-ағартыўшылық ҳәм  мәдений илажларда қатнасыўшы үгит-нәсиятлаў топары ағзалары жумыс баслады.

Топары ағзалары қурамы алымлардан, дөретиўши ҳәм көркем өнер ғайраткерлеринен ибарат.

– 14-март күнинен баслап үгит-нәсиятлаў топары ағзалары Кегейли, Шоманай, Әмиўдәрья районларында болдық, 15-март күни болса, республикамыздың Мойнақ, Қараөзек, Беруний районларында болып, ол жердеги балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде, районлардың  алыс аўылларында болып, халық пенен ушырасып, оларға Наўрыз байрамның өзине тән өзгешелиги, әҳмийети, тарийхы ҳаққында Ташкент қаласынан келген профессор-алымлар халыққа кең түрде мағлыўмат бермекте, – дейди Республикалық руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикалық бөлиминиң баслығы Қ.Юсупов. Халқымызға Ташкент қаласынан келген, сондай-ақ, қарақалпақ эстрада қосықшылары атқарыўында йошлы қосықлар нәзерине усынылмақта. Оларға байрам кейпиятын инам етпекте.

Үгит-нәсиятлаў топары ағзалары 17-март күни  Қанлыкөл, Тахтакөпир, Елликқала районларында,  18-март күни Хожели, Тақыятас, Нөкис районларында, ал, 19-март күни пайтахтымызда болады.

Ҳәр бир районда үгит-нәсиятлаўшылар қатнасыўында илажлар өткерилмекте. Оған жаслар, мәкан пуқаралар жыйынларынан, районлық қәрхана шөлкемлери ағзалары қатнаспақта.

 

         Қарақалпақстан хабар агентлиги