Усы жылдың 15-март күни Қазақстан Республикасы пайтахты Астана қаласында болып өткен Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының мәсләҳәтлесиў ушырасыўында Нурсултан Назарбаев Орайлық Азия мәмлекетлериниң арасындағы саўда-экономикалық байланыслардың күн сайын артып баратырғанын айрықша атап өтти.

Сондай-ақ, ол өз сөзинде: “Мийўе ҳәм овощлар Өзбекстан және Тәжикстанда мол өним бермекте. Бизлер болса елеге шекем қулпынайды Израилдан алып келемиз. Бул әпиўайы бир мәселе емес. Биз бул саўда системасын жолға қойған әмелдарларды қолға алыўымыз керек, оларға қоңсылас еллерден алғаннан сол жерлерден алып келген пайдалы”, – деп айтып өтти Назарбаев. Бул ҳаққында Kun.uz басылымы хабар бермекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги