Астана қаласында 15-март күни Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының биринши мәсләҳәтлесиў ушырасыўы болып өтти. Бул ҳаққында Президенттиң баспасөз хызмети мәлим етти.

Президентимиз Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының мәсләҳәтлесиў ушырасыўларын ҳәр жылы Наўрыз байрамы қарсаңында өткериўди, гезектеги ушырасыўды келеси жылы Ташкентте шөлкемлестириўди усыныс етти.

Өз ара исеним ҳәм мәпдарлық тийкарында саўда, экономикалық, транспорт-коммуникациялық, мәдений-гуманитар тараўларда, қәўипсизлик және турақлылық мәселелеринде бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша пикир алмасылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги