Пайтахтымыздағы Халықаралық бирге ислесиў орайында 14-март күни «Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасындағы бирге ислесиў: келешекке нәзер» темасында халықаралық дөгерек сәўбети болып өтти.

Елимиз дүньяда тынышлықты сақлаў арқалы турақлы раўажланыў жолында барлық мәмлекетлер, соның ишинде, Европа Аўқамы еллери менен теңдей шериклик ҳәм өз-ара исеним руўхында бирге ислесип келмекте. Бүгинги жеделлескен заман бул байланысларды буннан былай да раўажландырыўды талап етпекте. Ол, бәринен бурын, Европа аўқамы менен саўда-экономикалық, инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиўде, регион еллериниң экономикасын раўажландырыўда, билимлендириў, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўлардағы байланысларды беккемлеўде көзге тасланбақта. Соның менен бирге, глобаллық мәселелер – ықлым өзгериўи, жаслар радикализми, терроризмге қарсы гүресиў, қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша Европа Аўқамы менен бирге ислесиўди жолға қойыў бүгинги күнниң талабы болып табылады.

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты, Европа Аўқамы ҳәм Фридрих Эберт атындағы қордың (Германия) елимиздеги ўәкилханасы менен биргеликте Сыртқы ислер министрлигиниң көмегинде шөлкемлестирилген халықаралық әнжуман усы сыяқлы мәселелерди додалаўға бағышланды. Онда министрликлер ҳәм ведомстволар, елимизде аккредитациядан өткен дипломатиялық корпус және халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, ЕА абыройлы талқылаў орайларының басшылары, мәмлекетлик және жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, ғалаба хабар қуралларының хызметлери қатнасты.

Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институтының директоры В.Норов, Олий Мажлис Сенаты баслығының биринши орынбасары С.Сафоев, сыртқы ислер министриниң орынбасары А.Абдувоҳидов, Европа Аўқамының Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкили П.Буриан ҳәм басқалар Өзбекстан избе-из тынышлықты сүйиў сиясатын жүргизип киятырғаны, Президент Шавкат Мирзиёевтиң ҳәрекети нәтийжесинде қоңсылас еллер менен жақыннан бирге ислесиўге айрықша әҳмийет берилип атырғаны атап өтилди. Бул, өз гезегинде, регионда тынышлықты сақлаў, Орайлық Азия мәмлекетлери арасындағы интеграция процесин жеделлестириўге хызмет етип атырғаны атап өтилди. Онда Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде қәўипсизлик, турақлылық ҳәм жақын қоңсышылық орталығын беккемлеў, мәмлекетлик шегараларды делимитациялаў ҳәм демаркациялаў сыяқлы әҳмийетли ўазыйпалардың избе-излик пенен алып барылып атырғаны үлкен әҳмийетке ийе.

Европа Аўқамы Өзбекстанның тийкарғы шериклеринен бири. Мәмлекетимиз ЕА менен өз-ара пайдалы байланысларды ҳәр тәреплеме буннан былай да беккемлеўдиң қатаң тәрепдары болып есапланады. Европа Аўқамының шерикликти әмелий мазмун менен байытыўға умтылыўы «Әййемги материк» елимизге ҳәм регионға айрықша итибар қаратып атырғанынан дәрек береди.

Бул дөгерек сәўбети Европа Аўқамының Орайлық Азия мәмлекетлери менен бирге ислесиўдиң 2019-жылы қабыл етилетуғын жаңа Стратегиясын ислеп шығыў шеңберинде бирге ислесиўди раўажландырыў перспетиваларын ҳәм әҳмийетли бағдарларын додалаўға қаратылғаны менен айрықша әҳмийетке ийе болды.

Ушырасыўда халықаралық ҳәм регионаллық, атап айтқанда, Орайлық Азияда сиясий исенимди беккемлеў, турақлы раўажланыўды тәмийинлеў мәселелери додаланды.

Халықаралық форум қатнасыўшылары елимизде әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық, пуқаралық жәмийетине тийкарланған ҳуқықый демократиялық мәмлекет қурыў жолында алып барылып атырған реформалар, соның ишинде, инсан ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў бағдарындағы жумыслар менен таныстырылды.

– Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси ҳәм Европа парламенти арасындағы байланыслар елимиз бенен Европа жәмийетшилиги арасында қол қойылған Шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисим тийкарында жолға қойылған, – дейди Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары Б.Алиханов. – «Өзбекстан – Европа Аўқамы» парламентлик бирге ислесиў комитети Олий Мажлис және Европарламенттиң бирге ислесиўин ҳәм улыўма, Өзбекстан – Европа қатнасықларын жеделлестириўде әҳмийетли механизмге айланған. Бүгинги илаж парламентлераралық бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм перспективалы жойбарларды биргеликте жүзеге шығарыў сыяқлы мәселелер бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысыў имканиятын берди.

Илажда, сондай-ақ, Шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы жаңаланған келисимди ислеп шығыўға қаратылған жумысларды биргеликте алып барыў зәрүрлиги атап өтилди.

Европа Аўқамының 2019-жылдың ақырына шекем өз-ара мәплерди, улыўма көзқарасларды ҳәм қәдриятларды есапқа алған ҳалда жаңа Стратегияны ислеп шығыў басламасы қоллап-қуўатланды.

– Биз Өзбекстанның мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўды реформалаў, экономиканы либералластырў мақсетинде халықаралық шөлкемлер, соның ишинде Европа Аўқамы менен бирге ислесиўди раўажландырыў бағдарындағы ҳәрекетлерин жоқары баҳалаймыз, – дейди Фридрих Эберт атындағы қордың Орайлық Азия бойынша регионаллық директоры Х.Кифер. – Бул сыяқлы ушырасыўлар өз-ара бирге ислесиўди ҳәм сөйлесиўди регион дәрежесинде беккемлеў имканиятын береди.

Дөгерек сәўбети даўамында қатнасыўшылар регионаллық бирге ислесиўди, қәўипсизликти беккемлеў, бул мәселелерге Өзбекстан басшыларының көзқараслары ҳәм басламалары бойынша додалаўлар алып барды.

Сессиялар шеңбериндеги додалаўларда Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформаларды қоллап-қуўатлаў, экология, инсан ҳуқықлары, Орайлық Азияда регионаллық бирге ислесиў сыяқлы темаларда баянатлар тыңланды. Экспертлер тәрепинен Орайлық Азия мәмлекетлерине қәўип туўдырып атырған қәўип-қәтерлерди сапластырыў бойынша нәтийжели шешимлер табыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Ушырасыўдың жуўмағы бойынша Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамының абыройлы структуралары арасында өз-ара пайдалы шерикликти раўажландырыўға ҳәм беккемлеўге қаратылған усыныслар ислеп шығылды.

Улуғбек ШОНАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы