Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитети тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 11-майдағы «Өзбекстан Республикасы Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитетин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы Пәрманы, «Өзбекстан Республикасы Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитетиниң жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў, тоғайларды сақлаў, оны көбейтиў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Қарақалпақстан Республикасы тоғай фонды 5 миллион 751 мың 593 гектар жер майданын қурап, соның 1 миллион 101 мың гектардан зыяты тоғай менен қапланған. Бүгинги күнде Комитет системасында 12 мәмлекетлик тоғай хожалығы жумыс алып бармақта.

Солардан Кегейли районындағы «Бозатаў» мәмлекетлик тоғай хожалығы жәмәәти тәрепинен алып барылып атырған жумыслар сөз етиўге ылайық. Бул тоғай хожалығының улыўма жер майданы 16 мың 448 гектар болып, соннан тоғай менен қапланғаны 7 мың 695,9 гектарды қурайды.

Тоғай хожалығында 9 гектар жер майданы нәлхана ушын ажыратылған, соннан 6,5 гектар майданнан өткен жылы 6 миллион 547 мың 44 дана ҳәр түрли (шығыс түйеси, каталпа, япон сафорасы, сумтал, қайрағаш, зәрәң сыяқлы саяманлы, ийне жапырақлы, мийўе тереклери) нәллери жетилистирилди. Соннан район аймағындағы халыққа ҳәм шөлкемлерге улыўма баҳасы 64 миллион сумлық 10 мың 614 дана нәл шәртнама тийкарында жеткерип берилди. Яғный тоғайлықлар жаратыў мақсетинде 340 мың 605 дана, сийрек тоғайлықларды толықлырыў ушын 75 мың дана, тәрбия бөлимине 43 мың 700 дана нәллер егилди. Арал теңизиниң қурыған аймақларында 2016-жыл 701 гектар, өткен жылы 601 гектар жерге сексеўил нәли егилген болса, быйыл туқымнан 300 гектар, нәлден 320 гектар жәми 620 гектар жер майданға сексеўил ҳәм басқа да түрдеги нәллерден мәдений тоғайлықлар жаратыў режелестирилген.

 

Мәмлекетимиз басшысының «Өзбекстан Республикасы Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитетиниң жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарырының орынланыўын тәмийинлеў шеңберинде 2017-2021-жылларда тоғай хожалықларының жумысын нәтийжели шөлкемлестириў, тармаққа алдынғы илим-технипка жетискенликлерин енгизиў, материаллық-техникалық базасын жаңалаў, халықаралық грантларды тармаққа тартыў илажлар Бағдарламасы қабыл етилди. Бағдарламаға муўапық 2017-2019-жылларда тоғай майданларын кеңейтиў (реконструкциялаў), тоғайларды жаратыў, нәллерди жетистириў, дәрилик өсимликлер жыйнаў, қара маллар ушын жайлаў майданларын ажыратыў ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин, егислик материаллар жетистириў, пал ҳәррешилик, балықшылық, шарўашылық ҳәм санаат өнимлерин жетистириў, сондай-ақ, халыққа төлемли хызмет көрсетиўдиң прогноз көрсеткишлери тастыйықланған.

 

– Жас тоғайларды толықтырыў, ихота тоғайларын жаратыў, көклемзарластырыў мақсетинде кәрхана ҳәм шөлкемлерге, автомобиль ҳәм темир жол бойларына  егиў ушын шәртнама тийкарында нәл жеткерип бериў бойынша илажлар режеси ислеп шығылды, – дейди «Бозатаў» мәмлекетлик тоғай хожалығы директоры Абдиўали Ерназаров. – Бул илажлар режесин орынлаўды тәмийинлеў мақсетинде, тоғай хожалығына қараслы «Нәўпир» тоғай бөлиминде 12 гектар жерге, соннан 8 гектарға түрли саяманлы, ийне жапырақлы ҳәм дәрилик шөплердиң туқымын егип, 500 мың дана нәл жетистириў, 4 мың гектар жерге 250 мың дана түрли терек нәллерин жетистириў режеси белгилеп алынды. Пиллешиликти раўажландырыў мақсетинде 100 мың дана тут нәли, 638 мың дана бийбаҳа саяманлы ҳәм тез өсетуғын және мийўели нәллерди жетистириў режелестирилмекте. Сондай-ақ, быйылғы жыл зүрәәти ушын жәми 106 гектар жерге аўыл хожалығы егинлери, соның ишинде, 30 гектар жерге гунжи, 0,6 гектарға картошка ҳәм басқа да аўыл хожалығы егинлерин егиў нәзерде тутылмақта. Бүгинги күнде мәмлекетлик тоғай хожалығында 140 бас қара мал, 84 бас қой-ешки, 342 дана қус бағылмақта. 2018-жылы хожалықта 1 миллиард 100 миллион сум дәрамат табыў режелестирилген болса, усы жылдың өткен дәўири ишинде 60 миллион сум хожалық есабына түсирилди. Бул жумысларды әмелге асырыўда «Нәўпир» тоғай бөлиминиң бажбаны Руслан Юсупов, жумысшылардан Ғабит Исмаилов, Базарбай Ачилов, Байрам Жақсымуратов, Гүмсай Дурысбергенова ҳәм басқалар мийнет етпекте. Өзбекстан Республикасы Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети тәрепинен әмелий жәрдем көрсетилип, хордың есабынан басланғыш төлем төлеп берилип «Беларусь 1523» маркалы трактор лизинг тийкарында сатып алынды.

– Халқымызда «Ат изин тай басар», деген гәп бар, – дейди жолдасым, «Бозатаў» мәмлекетлик тоғай хожалығы директорының орынбасары, бас тоғайтөре Пахратдин Рейимқулов. – Тоғай хожалығы тараўындағы кәсиплерде атадан балаға мийрас болып келмекте. Мәселен «Қусқанатаў» аўыл пуқаралар жыйынына қараслы мине усы жерлер «Қәлен аўыл» деп аталады. Қәлен ата узақ жыллар тоғай хожалығы тараўында мийнет еткен. Халық арасында абырой арттырған. Бүгинги күнде перзентлери, ақлықлары бул тараўда мийнет етпекте. Олардан перзенти Тайыр Изтилеўов ҳәзирги күнде пенсияда. Тайыр Изтилеўов санаат ҳәм тутыныў товарлары устаханасы баслығы, Жамбыл Изтилеўов «Қусқанатаў» тоғай хожалығының бажбаны, ақлығы Қурманғалы Қәленов жумысшы болып хызмет етпекте.

 

Тоғай хожалығы қасында санаат ҳәм тутыныў товарлдары устаханасы шөлкемлестирилип, фермер хожалықларына буйыртпа тийкарында таўықхана ҳәм пал ҳәррелериниң уялары, гүл өсириў ушын түбеклер, туқымнан нәл жетистириў ушын ыдыслар таярламақта.

– Қарарадың орынланыўын тәмийинлеў бойынша 2017-2021-жылларда тоғай хожалықларында саяманлы ҳәм мийўели тереклердиң нәллерин ҳәм қәлемшелерин жетистириў прогноз көрсеткишлерин орынлаў бойынша «жол катрасы» ислеп шығылды, – дейди Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитети баслығының орынбасары Ернияз Акимиязов. – Өткен жылы тоғай хожалықлары тәрепинен экологиялық жағдайды жақсылаў мақсетинде 22 мың гектардан аслам жерге туқым ҳәм нәлден және тәбийғый тиклениўге көмек бериў жолы менен мәдений тоғайлықлар жаратылды. Буннан тысқары, тоғай хожалықлары тәрепинен 90 гектар жерге нәлхана шөлкемлестирилип, 10 миллионнан аслам шөл өсимликлери, мийўели ҳәм саяманлы тереклердиң нәллери жетистирилди. Бул нәллер қоршаған орталықты абаданластырыў, көклемзарластырыў ушын кәрхана ҳәм мәкемелерге жеткерип берилмекте.

 

Президентимиздиң 2017-жыл 27-ноябрьдеги «2018-2019-жылларда ирригацияны раўажландырыў ҳәм суўғарылатуғын жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы қарарының талапларынан келип шығып, экологияны буннан былай да жақсылаў, самал эрозиясының алдын алыў және аўыл хожалығы өнимлерин көбейтиў мақсетинде быйыл фермер хожалықларының жерлери әтирапында 50 гектар жерге ихотазарлар жаратыў режелестирилген. Быйыл жәми 21 мың 976 гектар майданда мәдений тоғайлықлар жаратыў, нәлхъана шөлкемлестириў ушын туқымнан 148 гектар жерде, тәрбия бөлиминде 40 гектар жерге егиўдиң есабынан 20 миллионнан аслам нәл жетистириў режелестирилгенин атап өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитети, соның ишинде, «Бозатаў» мәмлекетлик тоғай хожалығы жәмәәти 2018-жыл Наўрыз улыўма халықлық байрамын «Әзиз Ўатанласлар, ҳәр күнимиз Наўрыз болсын!» сүрени астында жоқары дәрежеде белгилемекте.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы