«Шет ел ҳәм жергиликли ҒХҚларда жоқары ҳуқықый ақыл-ойды, инсан ҳуқықлары мәдениятын, жәмийетлик қадағалаўдың инновациялық түрин ҳәм механизмлерин кеңнен үгит-нәсиятлаў» темасында мәмлекетлик грантлар ажыратыў ушын

таңлаў

ЖӘРИЯЛАЙДЫ

  Таңлаўға мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, ғалаба хабар қураллары ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да  институтларының төмендеги мақсетлерин нәзерде тутқан социаллық әҳмийетке ийе жойбар-буйыртпалары қабыл етиледи:

  1. Елимиз парламенти қабыл еткен жаңа нызамлардың, Президент пәрманларының, қарарларының тийкарғы мәселелерин кең халық қатламына жеткериўдиң нәтийжели инновациялық түрин ҳәм механизмлерин жаратыў.
  2. Нызамлардың инсанлар турмысына реал тәсир дәрежесин ҳәм халық пенен пикирлесиўдиң жаңа усылларын, нызамлардың  жәмийетлик қатнасықларды тиккелей тәртипке салыўдағы ролин ҳәм әҳмийетин жоқарылатыўдың инновациялық түрлерин енгизиў.
  3. Елде әмелге асырылып атырған реформалардың мазмунын ҳәм әҳмийетин кең жәмийетишиликке жеткериўдиң инновациялық түрлерин әмелиятқа киргизиўге көмеклесиў.
  4. Жәмийетте жоқары ҳуқықый мәдениятты, нызамға ҳәм инсан ҳуқықларына ҳүрмет қатнасығын қәлиплестириў бойынша бирге ислесиўдеги бағдарламаларды нәтийжели әмелге асырыў.
  5. Нызам жойбарларының экспертлик ҳәм жәмийетлик додалаўларын шөлкемлестириў, атап айтқанда, арнаўлы телекөрсетиў ҳәм радиоеситтириўлер шөлкемлестириў, интернет ҳәм баспа басылымларында мақалалар басып шығарыў.
  6. Мәмлекетлик уйымлар менен биргеликте ҒХҚлардағы материаллардың профессионаллық, идеологиялық ҳәм көркемлик дәрежесин жоқарылатыў бағдарламаларын әмелге асырыў.
  7. Жас журналистлер ҳәм техник хызметкерлердиң шеберлигин ҳәм де дөретиўшилик белсендилигин жоқарылатыўда социаллық шерикликти күшейтиў.
  8. ҒХҚ лардың пуқаралар, әсиресе, жаслардың жәмийетлик сиясий, руўхый әдеп-икрамлылық, социаллық-ҳуқықый санасына унамлы тәсирин күшейтиў.
  9. Коммуналлық, саўда ҳәм хызмет көрсетиў, улыўма аўқатланыў тараўларында тутыныўшылардың ҳуқықларын тәмийинлеў ҳәм жәмийетлик қадағалаўдың инновациялық түрлерин жүзеге шығарыў.
  10. «Мәмлекетлик уйымлар халық хызметинде» сүрени астында жәмийетте ҳуқықый мәдениятты ҳәм халықтың ҳуқықый санасын жоқарылатыўға, нызамға ҳүрмет, жынаятқа аяўсызлық сезимин күшейтиўге көмеклесиў.
  11. Мәмлекетлик уйымларда мүрәжатлар менен ислеў системасын жетилистириў, инсан ҳуқықларын, еркинликлерин ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў.
  12. Ерте ҳәм жақын туўысқанлар арасындағы некениң унамсыз ақыбетлерин ҒХҚ ларда кеңнен сәўлелелендириў.
  13. Ҳаял-қызлар ҳәм балалардың ҳуқықларын, нызамлы мәплерин тәмийинлеў, оларды социаллық-ҳуқықый ҳәм социаллық-руўхый қоллап-қуўатлаўда мәмлекетлик уйымлар менен социаллық шерикликти күшейтиў.
  14. «Әдиллик нызам үстинлигинде», «Халық мүрәжатлари – турақлы итибарда» сүренлери астында нызам ҳүжжетлериниң орынланыўы ҳәм мәмлекетлик уйымалардың жумысы үстинен жәмийетлик қадағалаўдың нәтийжели механизмлерин ҳәм әмелиятын раўажландырыў.
  15. Ҳуқық қорғаў уйымлары жанындағы ветеранлар кеңеслерин жәмлеспеген ҳәм тәрбиясы қыйын жаслар менен ислесиўге кеңнен тартыў, олардың нызамлы мәплерин, нийетлерин жүзеге шығарыў.
  16. «Мен Өзбекстан Республикасы Конституциясын үйренемен» сүрени астында ҳәр қыйлы көргизбели материаллар таярлаў ҳәм тарқатыў.

Мәмлекетлик грант ажыратылыўы ушын төмендеги ҳүжжетлерди усыныўы зәрүр:

  1. Шөлкем басшысы тәрепинен қол қойылған ҳәм мөр менен тастыйықланған жоллама хаты.
  2.  www.fundngo.uz веб-сайтында жайластырылған түрде толтырылған мәмлекетлик грант жойбары ушын арза.
  3. Соңғы өзгерислер ҳәм қосымшалар менен мәмлекетлик дизимнен өткен МКШлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтлары Уставы (Реже)ның нусқасы.
  4. Шөлкемниң мәмлекетлик дизимнен өткенлиги ҳаққындағы гүўалықтың нусқасы.

5.Егер жойбарды әмелге асырыў лицензияланатуғын жумысты талап етсе, онда лицензияның нусқасы усынылады.

  1. Мәпдар мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң өтинишлери, усыныслары қосымша етилиўи мүмкин.

Бир жойбар ушын ажыратылатуғын грант муғдары – 30 миллион сумға шекем.

Ҳүжжетлер 2018-жыл  15-марттан 20-апрельге шекем қабылланады.

Ҳүжжетлер «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы МКШ лерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қоры» атына «Өзбекстан почтасы» арқалы жиберилетуғын мөрленген конвертлерде (А4 форматта) төмендеги мәнзил бойынша қабыл етиледи: 100163, Ташкент қаласы, Ислам Кәримов көшеси, 43-жай.

Ҳүжжетлерди усыныў шәртлери ҳәм үлгилери менен Олий Мажлис жанындағы Жәмийетлик қордың  www.fundngo.uz веб-сайтында танысыў мүмкин.

Мағлыўмат ушын телефонлар: (0-371) 239-26-76, 239-26-86.