Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң усы жыл 23-февраль күнги бийлигине муўапық 1-марттан 1-апрель аралығында республикамызда Ҳәрекет қәўипсизлиги айлығы илажы өткерилмекте.

-Оны шөлкемлескенлик пенен өткериў бойынша оператив штаб дүзилип, илажлар белгиленди,-дейди Әмиўдәрья районлық ишки ислер бөлими Жол ҳәрекети қәўипсизлиги бөлимшесиниң баслығы Ихтияр Шеримбетов.-Илаж шеңберинде академиялық лицейде, экономика кәсип-өнер колледжинде, 55-санлы улыўма билим бериў мектебинде жол ҳәрекети қағыйдаларын сақлаў, жүз берип атырған ҳәдийселер, оның келип шығыў себеплери ҳәм аянышлы ақыбетлерине бағышланған ушырасыўлар өткерилди. Илаж барысында оқыўшыларға жол ҳәрекети қағыйдалары бойынша кең түрде түсиник берилди.

Атап өтилгениндей, алып барылып атырған үгит-нәсият жумысларына қарамастан, район аймағында жол-транспорт ҳәдийселери азаймай атыр. Быйылғы жылдың дәслепки еки айында жәми 1383 қағыйда бузыў жағдайы анықланып, бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 871 ҳәдийсеге көп болды. Соның ишинде, транспорт қуралларын мәс ҳалында басқарған 61, жол ҳәрекети қағыйдаларын турпайы түрде бузған 554 айдаўшы иркилип, тийисли шара көрилди.

Ҳәрекет қәўипсизлиги айлығы илажы басланғанлы бери 194 ҳәкимшилик баянлама рәсмийлестирилип, соннан транспорт қуралын мәс ҳалында басқарып киятырған 9, белгиленген ҳәрекет тезлигин асырған 17, қуўып өтиў қағыйдасын бузған 36, адам тасыў қағыйдасын бузған 44, светофордың қадаған етилген шырағынан өткен 5 айдаўшы иркилген болса, 19 транспорт қуралы жәрийма майданшасына қойылды.

Атап айтқанда, усы жыл 1-март күни районлық ишки ислер бөлими Жол ҳәрекети қәўипсизлиги бөлимшесиниң аға инспекторы, сержант Г.Ещанов тәрепинен  «ВАЗ-2106» маркалы, мәмлекетлик белгиси 95 M803DA автомашинасы иркилип тексерилгенде, оның айдаўшысы 1987-жылы туўылған пуқара Ж.Дәўлетбаев, усы жыл 3-март күни Жол патрул хызмети инспекторы Қ.Қаражанов тәрепинен Нексия маркалы, мәмлекетлик белгиси 95 F481 FA болған автомашина иркилгенде, оның аўдаўшысы, 1992 туўылған Ш.Балтабаев мәс ҳалында екенлиги анықланды. Бул еки айдаўшыға инспекторлар тәрепинен ҳәкимшилик баянламалар дүзилди.

Автотранспорт қуралларын мәс ҳалында басқарыў, белгиленген тезликти асырыў, жол ҳәрекети белгилерине бойсынбаў қандай ақыбетлерге алып келетуғынлығы халқымыз, әсиресе, жасларымыз арасында кең түрде түсиндирилип атырғанлығына қарамастан, айырым пуқаралар буннан тийисли жуўмақ шығармай атыр. Усы жылдың басында  район аймағында жүз берген еки аўыр ақыбетли жол транспорт ҳәдийсеси нәтийжесинде 7 адам набыт болып, 6 адам түрли дәрежедеги дене жарақатын алған.

Район аймағында Ҳәрекет қәўипсизлиги айлығы илажы даўам етпекте.

Д.АБИБУЛЛАЕВ

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы