Ташкент қаласындағы Я.Х.Туракулов атындағы республикалық қәнигелестирилген эндокринология илимий-әмелий медицина орайының директоры, профессор Анвар Алимовтың басшылығындағы бир топар шыпакерлер республикамызға келди. Олар усы жыл 13-15-март күнлери аралығында Республикалық эндокринология диспансеринде қала ҳәм районлардан келген наўқасларды медициналық тексериўден өткерип, Республикалық көп тармақлы медицина орайында мастер-класс шөлкемлестиреди ҳәм наўқасларға операция ислемекте.

– Бизлер ҳәр күни буғақ безиндеги наўқаслығы ҳәм диабетлик тобық диагнозы бар 50 ден аслам наўқасты медициналық тексериўден өткерип атырмыз. Бүгин биринши күнги тексериў пайытында таңлап алынған еки наўқасқа операция иследик. Буған қосымша жергиликли шыпакерлер менен бирге орынларда мастер-класс өткерип атырмыз.

Бул илажларды өткериўдеги тийкарғы мақсетимиз – шетки ҳәм узақ аўылларда жасайтуғын усы кеселликлер менен наўқасланғанларға әмелий жердем көрсетиў. Кем тәмийинленген шаңарақлардағы наўқаслар  қыйын операцияларды Ташкент қаласына барып отырмай-ақ, усы жердиң өзинде өткериў мүмкиншилигине ийе болады,-дейди Я.Х.Туракулов атындағы республикалық қәнигелестирилген эндокринология илимий-әмелий медицина орайы Хирургия бөлиминиң баслығы, медицина илимлериниң кандидаты Н.Алимжанов.

Сондай-ақ, жуўапкер хызметкерлер менен биргеликте қантлы диабет, оның клиникалық көриниси, профилактикасы, алдын алыў илажлары бойынша сәўбетлесиўлер, ушырасыўлар шөлкемлестирилип, тәжирийбе алмаспақта. Усы медициналық мәкемелердиң материаллық-техникалық базасын еле де беккемлеў бағдарында сөйлесиўлер жүргизилмекте.

Илажлар даўам етпекте.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы