Усы жылдың 14-март сәнесинде пайтахтымыздағы Жаслар орайында Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң басламасы менен шөлкемлестирилген Жаслар пресс клубының 3-сессиясы болып өтти.

Сессияға Қарақалпақстан Телерадиокомпаниясы директоры Қ.Нағметов, Қарақалпақстан хабар агентлиги директоры Е.Қанаатов, Қарақалпақстан Республикасы Баспасөз ҳәм хабар агентлигиниң бөлим баслығы Б.Жийемуратов ҳәм “Нөкис ФМ” радиостанциясы және “Жаслар ТВ” телеканалының директоры Б.Елманов, Қарақалпақстан Телерадиокомпаниясы директоры орынбасары Н.Жақсымуратова, сондай-ақ, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, жас журналистлер ҳәм блоггерлер қатнасты.

Сессияда халықаралық ҳәм жергиликли журналистиканың раўажланыў перспективалары және машқалалары, оларды шешиў бойынша пикир-усыныслар ортаға тасланып, тараў ўәкиллери менен сораў-жуўаплар өткерилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.