Қарақалпақстан Республикасы аймағында усыжылдың 16-19-март күнлери аралығында ҳаўа алағат бултласып турады, жаўын-шашын болмайды. Шығыс тәрептен 7-12 м/с тезлигинде самал еседи.

Ҳаўаның температурасы 16-март күни түнде -3ºС, -8ºС суўық болса, 17-19-мартта түнде 0ºС, +5ºС жыллы болыўы күтиледи.

16-17-март күнлери күндизги ўақытта +8ºС, +13ºС, 18-19-март күнлери болса +17ºС дан +22ºС қа шекем жыллы болыўы күтилмекте. Бул ҳаққында Қарақалпақстан гидрометеорологиялық бақлаў орайы хабар бермекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги