6-март күни  Қарақалпақстан Республикасы ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери тәрепинен Нөкис темир жол бәндиргиси  әтирапында өткерилген жедел илажлар даўамында пуқара Н.А «шәртли қарыйдарға» бес дана «Миф 3в1» жазыўы болған қутыға жайластырылған жәми 2,5 килограммға тең болған порохқа усаған унтақ ҳәм 3072 дана «ЦБО-Н» атлы капсюлаларды бир ярым миллион сумға сатып атырғанда қолға алынып, усланған нәрсе айғақлы зат ретинде алып қойылды.

«МИФ»тиң қутысында не бар екени еле анықланбады. Бүгинги күнде жынаят иси қозғатылып, дәслепки тергеў ҳәрекетлери даўамында гүманланыўшылардың буннан тысқары басқа да пуқараларға нызамсыз түрде порох унтағын сатқаны анықланып, тергеў ҳәрекетлери даўам етпекте.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги