14-март күни пайтахтымыздағы Ибрайым Юсупов атындағы мәмлекетлик қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектеп-интернатында Қарақалпақстан Республикасы Баспасөз ҳәм хабар агентлиги тәрепинен шөлкемлестирилген «Ҳәр бир қала ҳәм аўылда заманагөй китап дүканы» акциясы шеңберинде өткерилип атырған  «Ең үлгили китап дүканы» таңлаўының республикалық басқышы өткерилди. 

Таңлаўды өткериў бойынша төрешилер топары дүзилип, республикамыздағы 19 китап дүканы үйренилип шығып, таңлаў жуўмағында жеңимпазлар анықланды.

 

Шоманайлы жас исбилермен Сейдабулла Медетовтың «Китаплар әлеми» китап дүканы биринши, пайтахтымыздағы исбилермен Муратбай Нызановтың «Китаплар дүньясы» китап дүканы екинши, исбилермен Гүлзар Қутлымуратованың китап дүканы үшинши орынды ийеледи.

Сондай-ақ, таңлаўда «Ең үлгили китапқумар» номинациясы бойынша Мақсет Абдуллаев, «Ең үлгили китапханашы» номинациясы бойынша Раўшан Қалмурзаевалар жеңимпаз болып, оларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған қымбат баҳалы саўғалар ҳәм дипломлар тапсырылды.

– Ҳүрметли Президентимиздиң қоллап-қуўатлаўы менен «Мәҳәлле» фондының қәўендерлиги есабынан 500 миллион сум муғдарында қаржы ажыратылған еди. Китап дүканымыз өткен жылдың август айында қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. Ол район орайындағы жүдә қолайлы жерде жайласқан. 2 қабаттан ибарат, оқыў бөлмелери бар. Ҳәзирги күнде китапханамыз фондында 200ден аслам балалар, жәҳән ҳәм қарақалпақ әдебияты ўәкиллериниң баҳалы шығармалары орын алған, – дейди шоманайлы жас исбилермен, «Китап әлеми» дүканының баслығы Сейдабулла Медетов.

Илаж қатнасыўшыларына мектеп-интернаттың талантлы оқыўшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы