Қарақалпақстан гидрометеорологиялық бақлаў орайының берген мағлыўматларына қарағанда, республикамыз аймағына 13-март күни арқа-батыстан суўық ҳаўа ағымы кирип келди. Усы күни ҳаўаның температурасы түнги ўақытлары Үстирт тегислигинде -6ºС, -7ºС суўық, барлық районларда болса -1ºС, -3ºС суўық, ал күндизги ҳаўа температурасы Үстирт тегислигинде -1ºС, -4ºС суўық, барлық районларда болса +1ºС, +3ºС жыллы болғанлығы бақланды.

14-март күни ҳаўаның температурасы түнги ўақытлары Үстирт тегислигинде -7ºС, -10ºС суўық, барлық районларда болса -3ºС, -5ºС суўық болғанлығы бақланды.

Мағлыўматларға қарағанда, суўық ҳаўа температурасы 15-март күни де сақланып, түнде ҳаўаның температурасы республикамыз аймақларында -2ºС, -7ºС, Үстирт тегислигинде -7ºС, -12ºС ға шекем суўық болыўы, ал күндизги ўақытлары республикамыз бойлап +1ºС, +6ºС жыллы, Үстирт тегислигинде 0ºС, -5ºС суўық болыўы күтиледи.

16-март күни республикамыз бойлап ҳаўа температурасының жылыўы бақланады. Ҳаўа температурасы түнги ўақытлары 0ºС, -5ºС суўық, ал күндизги ўақытлары +3ºС дан +8ºС ға шекем көтерилиўи бақланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги