Елликқала районы ҳәкими басшылығындағы 1-сектордың жумысшы топар ағзалары район орайы болған Бостан қаласынан 220 км узақта жайласқан «Чуқурқоқ» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында үйме-үй кирип, кем тәмийинленген шаңарақларға жәрдем берди. Олар менен сәўбетлесип, машқалаларды үйренди ҳәм машқалаларды өз орнында шешип бериўге ҳәрекет етти. Районлық көлемде шешилетуғын машқалаларды районды раўажландырыў бойынша бағдарламаларға киргизиў ушын усыныслар таярланды, деп хабар бермекте район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги