USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Жума, 19 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

Тарийхый әҳмийетке ийе ҳүжжетлерге қол қойылды

Сөйлесиўлерден соң ерисилген келисимлер бойынша ҳүжжетлерге қол қойыў мәресими болды.

Өзбекстан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Тәжикстан Республикасының Президенти Эмомали Рахман Дослық ҳәм жақсы қоңсышылықты беккемлеў ўәққында қоспа баянлама, Өзбекстан-Тәжикстан мәмлекетлик шегарасының айрықша участкалары ҳаққындағы шәртнамаға қол қойды.

Саўда, экономика, инвестиция, қаржы, транспорт ҳәм транзит, аўыл хожалығы, суў-энергетика, салық, бажыхана, туризм, илим-билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият, қәўипсизлик ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў тараўларындағы бирге ислесиў ҳәм де аймақлараралық байланысларды раўажландырыўға бағдарланған жәми 27 дана ҳүжжетке қол қойылды.

Усы салмақлы ҳүжжетлер топламы еллеримиз ҳәм туўысқан халықларымыз арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди  ҳәр тәреплеме раўажландырыў ушын жаңадан ҳуқықый тийкар жаратады.

Баспасөз әнжуманында Шавкат Мирзиёев ҳәм Эмомали Рахман сөйлесиўлер досшыл, ашық ҳәм әмелий руўхта өткенин, сөйлесиўлер нәтийжесинен қуўанышлылығын атап өтти.

«Биз Өзбекстан ҳәм Тәжикстанның миямий, саўда-экономикалық, энергетикат ҳәм басқа да тийкарғы тараўлардағы қатнасықларды беккемлеўге тийисли әҳмийетли мәселелерди додаладық. Буның нәтийжеси сыпатында әҳмийетли ҳүжжетлер-Мәмлекетлик шегарасы бойынша шәртнама ҳәм Пуқаралардың өз-ара қатнаўы ҳаққында келисимге қол қойылды. Бүгин ерисилген тарийхый келисиўлер тек халқларымыз ушын емес, бәлким пүткил регион ушын үлкен әҳмийетке ийе», деди мәмлекетимиз басшысы.

Хабар етилгениндей, Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасындағы товар алмасыў көлемин әўеле 500 миллион долларға жеткериў туўрысында сөз барған еди. Мәмлекет басшыларының нәтийжели сөйлесиўлери, исбилермен шеңберлердиң  пикирлесиўи нәтийжесинде бул көрсеткиш 1 миллиард долларға алып шығылатуғын болды.

Президент Шавкат Мирзиёев Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасында шешилмеген мәселелер қалмағанлығын атап өтти. Президент Эмомали Рахман бул пикирди толық қоллап-қуўатлады.

Тәреплер еллеримиз арасындағы қатнасықларды өз-ара исеним, дослық ҳәм жақсы қоңсышылық тийуарында буннан былай да беккемлеўге умтылыўын билдирди.

 

ӨзА