Мине, және бәҳәр келди. Күн жылып, жағымлы самал кеўиллерге қуўаныш бағышламақта. Халқымыз арасында неше мыңлаған жыллардан берли дәстүрге айланған «Наўрыз» байрамын белгилеў быйыл да көтериңки руўхта басланып кетти.

Усы жыл март айында байрамның шөлкемлескенлик жағдайында өткерилиўин тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен бир қатар илажлардың әмелге асырылыўы күтилмекте.

Атап айтқанда, пайтахтымызда 21-март күни саат 10:00 ден 17:30 ға шекем үш жерде, яғный, И.В.Савицкий атындағы қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи менен «Жаслар орайы» алдындағы майданда, «Истиқлол» балалар мәденият ҳәм дем алыў бағында «Наўрыз» улыўма халықлық байрам сейили өткериледи.

«Әзиз Ўатанласлар, ҳәр күниңиз Наўрыз болсын!» атамасында өткерилетуғын бул илажларда халықтың кеўилли дем алыўы ушын барлық қолайлықлар жаратылып, байрамға бағышланған ҳәр қыйлы концерт бағдарламалары, теартрластырылған байрам тамашалары өткериледи.

Мәселен, И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи алдындағы майданда өткерилетуғын илажда Бердақ атындағы академиялық музыкалы театр жәмәәтиниң, 12-санлы Балалар көркем өнер музыка мектеби оқыўшыларының, шайырлардың шығыўлары, ҳәр қыйлы спорт ойынларының өткерилиўи күтилмекте. «Әмиў толқыны» фольклор этнографиялық ансамблиниң, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Ҳүрлиман» халық  ансамблиниң, Шымбай, Әмиўдәрья, Төрткүл, Хожели, Қараөзек районларындағы ансамбльлер менен ҳәўескерлердиң, «Өзбекконцерт» мәмлекетлик мәкемесиниң эстрада қосықшыларының, Айқулаш жулдызлары» ансамбли сазенделериниң ҳәм басқа да миллий мәдений орайлардың шығыўлары жыйналғанларға үлкен заўық бағышлайды, деп ойлаймыз. Орынларда бақсы, жыраў ҳәм шыңқобыз намалары жаңлап турады.

«Жаслар орайы» алдындағы майданда, «Истиқлол» балалар мәденият ҳәм дем алыў бағында өткерилетуғын илажлар да дерлик усы тақылетте. Өзгешелиги оларға қосымша Жас тамашагөйлер ҳәм Қуўыршақ театрларының, дәрўазшылардың шығыўлары, ҳәр қыйлы аттракционлар сейил қатнасыўшыларына өзгеше үлкен заўық бағышлайтуғынына исенемиз.

Ал, республикамыздың қала ҳәм районларында өткерилетуғын байрам илажлары район орайларындағы мәденият дем алыў бағларында ҳәм орайлық спорт майданшаларында болып өтеди.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.