Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында 8-март – Халықаралық – ҳаял-қызлар байрамына арнап таярланған «Саўға» театрластырылған концерт бағдарламасы театр сахнасында тамашагөйлер нәзерине  усынылмақта.

Теартластырылған концерт бағдарламасы Б.Баймурзаев ҳәм Б.Назарымбетовлардың режиссёрлығында сахналастырылып, онда йошлы қосықлар, қызықлы интермедиялар, миллий балет аяқ ойынлары, жас талант ийелериниң, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына хызмет көрсеткен артистлердиң йошлы қосықлары, кеўилли композициялары орын алған.

Театр актёрлары тәрепинен шеберлик пенен атқарылатуғын «Тойдан кейинги тартыс», «Жезде ҳәм балдызлар», «Сюрприз», «Чемпион келин» атамасындағы турмыстан алынған қызықлы интермедиялар тамашагөйлерге көтериңки кейпият бағышлайды.

«Саўға» тамашалары усы айдың ақырғы күнлерине шекем даўам етеди.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы