Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жылдың 6-марттағы қарары тийкарында Өзбекстан Көркем өнер академиясының жаңа ҳақыйқый ағзаларының дизими тастыйықланды. Бул ҳаққында ӨзА мәлим етти.

Бул дизимнен жерлесимиз, белгили художник Сәрсенбай Байбосыновтың да орын алғанлығы ҳәммемиз ушын қуўанышлы хабар болды.

Мағлыўмат ушын, бүгинги күнге шекем академияның қурамында 27 академик бар еди. Художнигимиз Сәрсенбай Байбосынов та олардың қатарынан орын алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги