Тақыятас қаласында жасайтуғын пуқара Б.Эрнифетов тәбийғый газ ушын төлемлерин өз ўақтында әмелге асырып киятырғанлығына қарамастан бүгинги күнге келип оның хожалығына 159 мың сумлық қарыздарлығы бар екени туўралы ескертиў хаты келген.

Усы жағдайға байланыслы ол Өзбекстан Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясына мүрәжат етеди. Бул мүрәжат Хожели районлық тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийети тәрепинен үйренип шығылып, районлық газ тәмийнаты хызметкерлери тәрепинен оның төлеген пулы есап бетине кешиктирилип түсиргени анықланған.

Усындай жағдай Хожели районындағы «Найман» елатында жасайтуғын С.Нарбаевтың хожалығында да болды. Ол да газ ушын төлемлерди өз ўақтында төлеп киятырған болса да, бүгинги күнге келип оның хожалығына газден қарызы 829 мың сум, деп көрсетилген ескертиў хаты келген.

Усы жағдайға байланыслы ол да Өзбекстан Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясына мүрәжат етеди. Бул мүрәжат Хожели районлық тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийети тәрепинен үйренип шығылып, районлық газ тәмийнаты хызметкерлери тәрепинен оның төлеген пулы есап бетине кешиктирилип түсирилгени анықланған. Солай етип, оның қарыздар емес екенлиги анықланған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

(материаллар ҚР Тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясының мағлыўматлары тийкарында таярланды)