ҚазПочта мәмлекеттиң ең шетки аймақларына газета-журналлар ҳәм хатларды жеткерип бериў ушын төрт килограммға шекем жүк көтере алатуғын дронларды сынап көрмекте, деп хабар бермекте Inform.kz сайты.

Мағлыўматта жазылыўынша, өткен жылдың сентябрь айында еки килограммға шекемги аўырлықтағы жүклерди көтеретуғын дронлар почталёнлық еткен.

                     Почта жөнелтпелерин тасыйтуғын автомобильлерден тысқары 37 почта вагонымызбар. Сондай-ақ, ең алыс аймақларға почтаны 2 килограммға шекем дронлар аркалы жеткериўди жолға қойдық. Базыда еки килограммлық газета-журналларды шетки аўылларға жеткериў ушын бир автомашина таўлы жоллар арқалы 150 километрге шекем жол басатуғын еди. Ал ҳәзир болса почта дронлары арқалы таўды кесип өтип, тек ғана 40 километрди басып өтип, жөнелтпени жедел жеткерип бермекте, – дейди “ҚазПочта” АЖ басқарма баслығы Сәкен Сәрсенов Орайлық коммуникациялар хызметинде өткерилген баспасөз конференциясында.

Өткен жылдан берли ҚазПочта 1,5 тонналық хат-хабарды дрон арқалы жеткерип берген.

                     Ҳәзирги ўақытта ең шетки таўлы аймақларда жайласқан 30 посёлкалық пунктлерге почтаны дрон арқалы жеткерип бермектемиз. Соның менен бирге, төрт килограммға шекемги жук көтеретуғын дронларды да сынақтан өткерип атырмыз. Оларды да жақын арада иске қосамыз, – деп айтып өтти Сәкен Сәрсенов.

Мағлыўматларға қарағанда, ҚазПочта бул ушыў аппаратларын сатып алмаған. Компания мәмлекетлик ҳәм жеке бирге ислесиўшилер жәрдеминде дрон хызметиниң ҳәр бир ушыўына ҳақы төлемекте. Ушыўдың бир километри 90 теңгени қурайды. Жазылыўшылар ушын баҳалар арттырылмаған.

Басқарма баслығының берген мағлыўматына қарағанда, компанияда 22 мыңнан аслам адам жумыс ислейди. Үш ярым мыңға шамалас бөлимшелердиң 80% и автоматластырылған. Филиаллардың 70% и аўыллық жерлерде орналасқан.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги