Наўрыз улыўма халықлық байрамын мүнәсип байрамлаўға таярлық көриў, халқымыз арасында миллий қәдириятларымызға тән болған өз ара мийрим-шәпәәт ҳәм және де күшейтиў, бийминнет жәрдем сыяқлы жақсы пазыйлетлерди жетилистириў, мәкан пуқаралар жыйынлары, халық жасайтуғын орынларды абаданластырыў және көгалландырыў, республиканың барлық аймақларында санитариялық жағдайларды жақсылаў мақсетинде Ҳүкиметлик бийлик қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң “Ҳуқуқий ахборот” каналы мәлим етти.

Бийликке муўапық, 2018-жыл март-апрель айларында елимиздиң барлық аймақларында абаданластырыў ҳәм көгалландырыў айлығы және 18-19-март күнлери улыўма халықлық қайырқомлық шембилиги өткериледи.

Шембилик мүнәсибети менен, министрликлер, ведомостволар ҳәм басқа шөлкемлерде мийнет етип атырған хызметкерлердиң бир күнлик мийнет ҳақысы муғдарындағы қаржылары Өзбекстан “Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик қорының банктеги есап бетлерине ықтыярлы рәўиште өткерилиўи белгиленди.

Қайырқомлық шембилигинен түскен қаржылар кем тәмийинленген, бағыўшысынан айрылған шаңарақларға, социаллық қорғаўға мүтәж болған нураныйларға, майыплығы болған адамларға, жалғыз баслы қарыяларға материаллық және руўхый жәрдем көрсетиў сыяқлы илажларға сарпланыўы нәзерде тутылған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги