Кегейлиде усы жылы «Lanko Miya» Өзбекстан-Қытай қоспа кәрханасы курылыўы режелестирилмекте.

Бул  кәрхана тийкарынан формацевтика препаратларын ислеп шығарыўға бағдарланған. Жылына 30 мың тонна боян тамырын қайта ислеў арқалы 1000-1500 тонна  экстракт ислеп шығарыў  күтилмекте. Район турғынлары ушын үлкен жаңалық болған кәрхана усы жыл 1-июльде  иске түсиўи нәзерде тутылған.

«Lanko Miya» жуўапкершилиги шекленген жәмийети өткен жылдың май айында дүзилген болып, усы жылы кәрханамызға коммуникация технологиялары ҳәм әсбап-үскенелер алып келинип, орналастырып атырмыз. Районда быйылғы жылы 29 мың гектар жерге боян тамыр егиў күтилмекте. Кәрханамыз иске түскеннен кейин 200 жаңа  жумыс орны жаратылады, – дейди кәрхана директоры Мурат Гайпов.

Жойбардың улыўма суммасы 3 млн. 760 мың АҚШ долларын қурайды.

 

Гаўҳар БЕГЖАНОВА,

ҚМУ журналистика қәнигелиги 2-басқыш студенти

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги