Электр энергиясы менен тәмийинлеў бойынша орын алып атырған машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў мақсетинде Әмиўдәрья районында «Өзбекэнерго» АЖның басқарыў директоры У.Мустафаев, улыўмалық бөлим баслығы Н.Ботирова, «Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары кәрханасы» АЖ бас директоры ўазыйпасын ўақытша атқарыўшы З.Керимзатов ҳәм район ҳәкими С.Йўлдашев кәрхана және шөлкем баслықлары, мәкан пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм район турғынлары менен ушырасыў өткерди. Бул ҳаққында Amunews.uz сайты хабар бермекте.

Ушырасыўда «Өзбекэнерго» АЖ басқарыў директоры У.Мустафаев халқымызға сапалы түрде электр энергиясын жеткерип бериў бағдарында жумыслар жетилисип атырғаны, Президентимиздиң басламасы менен «Гидроэнерго» АЖ шөлкемлестирилгени, системаны реформалаў бағдарында бирнеше ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетлер қабыл етилгенин ҳәм усы тийкарда электр тармақларын жаңалаў илажлары басқышпа-басқыш орынланып атырғанын айтып өтти.

Илажда халықтың мүрәжатлары тыңланып, оларды шешиў бойынша тийисли уйымларға тапсырмалар берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги