Қараөзек районында 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы мүнәсибети менен спорттың баскетбол түри бойынша 2001-2003-жыллары туўылған қызлар арасында район бириншилиги болып өтти. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты мәлим етти.

Жарыстың ашылыў салтанатында район ҳәкими Д.Утемуратов қатнасып, жасрыс қатнасыўшыларын байрам менен қутлықлады.

Жарыс жуўмағына муўапық, райондағы 26-санлы улыўма билим бериў мектеби оқыўшы-қызлары 1-орын, 5-санлы улыўма билим бериў мектеби оқыўшы-қызларынан ибарат командалар 2- ҳәм 3-орынларды жеңип алды.

Жеңимпазлар район ҳәкимлиги тәрепинен таярланған диплом ҳәм саўғалар менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги