Қарақалпақстан Республикасының Тахтакөпир, Қоңырат ҳәм Қанлыкөл районларында шарўашылық тармақларын және де раўажландырыў, шарўашылық өнимлерин жетистириўди кескин арттырыў илажлары ҳаққында Ҳүкиметлик қарар қабыл етилди.

Қарарға муўапық, Ташкент қаласы ҳәкимлигине Тахтакөпир районында жетистирилген гөш өнимлерин сатып алыў, сақлаў системалы түрде Ташкент қаласы халқына жеткерип бериўге қәнигелестирилген, заманагөй геллекхана ҳәм музлатқышқа ийе болған уйым шөлкемлестириў бойынша тийисли усыныслар киргизиў ўазыйпасы жүкленген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги