Тахтакөпир ҳәм Қоңырат районларын 2018-жылдан баслап толық шарўашылыққа қәнигелестирилген районларға айландырыў илажлары көриледи.

Тахтакөпир, Қоңырат ҳәм Қанлыкөл районларында әмелге асырылатуғын бул жойбарларда жергиликли исбилерменлер менен бирге Әндижан, Ферғана ҳәм Наманган ўәлаятларынан да исбилерменлер қатнасады.

Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасының Тахтакөпир, Қоңырат ҳәм Қанлыкөл районларында шарўашылық тармақларын және де раўажландырыў, шарўашылық өнимлерин жетистириўди кескин арттырыў илажлары ҳаққындағы Ҳүкиметлик қарарда атап өтилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги