«Балалардың денсаўлығына зыян жеткеретуғын мәлимлемеден оларды қорғаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамы күшке кирди, деп хабар бермекте ӨзА.

Бул нызамда мәлимлеме өнимлериниң жасқа байланыслы классификацияланыўы ҳәм жас категорияларын белгилеў мәселелерине айрықша дыққат қаратылған. Бул жәмийетимиз ушын жаңалық болды. Буннан былай ғалаба хабар қураллары, соның ишинде, Интернет глобаллық тармағындағы веб-сайтлар, блогерлер, реклама қураллары ҳәм басқа да түрдеги мәлимлеме каналлары арқалы тарқатылып атырған мәлимлемелерде балаларды олардың денсаўлығына зыян жеткериўи мүмкин болған хабарлардан қорғаў мақсетинде 0+, 7+, 12+, 16+ ҳәм 18+ белгилери көрсетилиўи шәрт.

Нызамға муўапық, жасқа байланыслы категорияны белгилеў мәлимлеме өнимин ислеп шығарыўшылар ҳәм тарқатыўшылар тәрепинен, атап айтқанда, экспертлер менен бирге ислескен ҳалда елимиз бойлап тарқатыў басланғанға шекем әмелге асырылады. Яғный нызам күшке кириўи менен ҳәр бир мәлимлеме тарқатыўшы пуқара сергекликке әмел еткен ҳалда өзлери ямаса усы тараў бойынша экспертлердиң жуўмағына бола тарқатылып атырған мәлимлемеге жас категориясын қосыўы керек болады.

Еслетип өтемиз, 2017-жылдың 9-сентябрь күни қабыл етилген бул нызам усы жылдың 9-мартынан баслап күшке кирди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги