Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасы баслығы Ҳ.Халимов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирханов, район ҳәкими А.Сейтаховлар тийисли тараў басшылары менен биргеликте Нөкис районы аймағындағы кем тәмийинленген ҳәм бағыўшысынан айрылған шаңарақлардың, жалғыз баслы нураныйлар менен имканияты шекленген пуқаралардың шаңарақларында болып, олардың мүрәжатларын тыңлап, турмыс жағдайлары менен танысты. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты хабар бермекте.

Көшпели қабыллаў барысында «Кердер» АПЖда жасаўшы Қасымова Зияда ҳәм Дәўлетярова Гүлсаралар денсаўлықларын тиклеўи ушын дәри-дармақ сатып алыўға, жасаў үйлерин оңлаў ислерине ҳәм жумыссыз отырған ҳаял-қызлары ушын жеңиллетилген кредит есабынан тигиў машинасын алыўға жәрдем сорады.

Сондай-ақ, «Бақаншақлы» АПЖ турғыны Атаханов Баҳадыр қызының емлениўине, жасап турған жайын ҳәм үй қаптал мөлдек жерин өз атына ҳүжжетлестирип берилиўине, «Қырантаў» АПЖ турғыны Жаббасова Шолпан қызларына тигиў машинасын алыўға ҳәм аўылынан гөззаллық салонын ашыўға әмелий жәрдем бериўин сорап мүрәжат етти.

Үйрениў барысында кем тәмийинленген шаңарақ ағзаларының бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм социаллық турмыс дәрежесин жақсылаў ушын мақсетли жеңиллетилген кредитлер, сондай-ақ, балалары ушын напақалар ажыратыў, жасап турған турақ жайларын оңлаў бойынша билдирилген мүрәжатлар тийисли тәртипте дизимге алынып, нызамлы түрде шешиў бойынша зәрүрли тапсырмалар берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги