Шымбай районында Наўрыз улыўма халықлық байрамын жоқары көтериңки руўхта өткериў мақсетинде ислениўи тийис илажлар белгиленип алынды. Сондай-ақ, районлық Мәденият бөлими ҳәм 8-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби жәмәәти тәрепинен «Ҳәр күниңиз Наўрыз болсын!» атамасында театрластырылған байрам композициясының таярлық жумыслары алып барылмақта. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты мәлим етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги