Алдын хабар бергенимиздей, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студенти Жоллыбаева Шаходат Қуралбай қызы мәденият бағдары бойынша ҳәм Нөкис мәденият ҳәм көркем өнер колледжи оқыўшысы Утемуратова Наргиза Алиевна көркем өнер бағдары бойынша Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлықтың мәденият бағдары бойынша лауреаты болған еди.

Қызларымыз 9-март күни Ташкент қаласынан Нөкис қаласына жетип келди. Оларды шаңарақ ағзалары, дослары ҳәм республикамыздың кең жәмийетшилик ўәкиллери көтериңки руўхта күтип алды.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов қатнасты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги