Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко елимиздиң Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси лаўазымына Леонид Мариничти тайынлаў ўақтында елимизде әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында өз пикирин билдирип өтти.

Бул ҳаққында «Белта» мәлимлеме агентлиги хабар тарқатты.

«Биз Өзбекстанға ҳақыйқатында да дурыс ҳәм шын жүректен қатнас жасаўымыз керек, себеби ол жерде Беларусьти жүдә ҳүрмет етеди. Турақлы бирге ислесиўге таярмыз. Өзбекстан биз ушын әҳмийетли мәмлекет болып табылады», деп айрықша атап өткен Александр Лукашенко.

Беларусь жетекшиси еки мәмлекет арасындағы қатнасықлар Шавкат Мирзиёев Президентликке сайланғанынан кейин жедел раўажланып атырғанын атап өтти. Соның менен бирге, «Шавкат Мирзиёев жүдә тәжирийбели, қәбилетли, ақыллы ҳәм узақты көре алатуғын басшы» деп атап өткен.

Өз гезегинде Александр Лукашенко Шавкат Мирзиёев пенен бир неше мәрте ушырасқанын билдирип, «Ол өз елине қанша жақсылық етип атырғанын көрип турман. Шавкат Мирзиёев Беларусьти жақсы шерик деп билгени биз ушын да жақсылық белгиси болып табылады. Биз қысқа ўақыт ишинде жүдә көп жумысларды әмелге асырдық. Сонлықтан мениң жақын келешекте Өзбекстанға ететуғын сапарым даўамында белгили бир ўақыт ишинде орынланған жумыслардың жуўмағы ҳәм қатнасықларымыздағы жаңа басқыш ҳаққында пикир алысамыз», деп атап өткен.

Өзбекстанда Беларусьта ислеп шығарылып атырған техникаларға зәрүрлик жоқарылығын есапқа алып, Лукашенко жаңа тайынланған елшиге еллеримиз арасындағы саўда-экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў ўазыйпасын жүклеген.

Бизге мәлим, быйыл Өзбекстан ҳәм Беларусь арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанына 25 жыл толды. Усы мүнәсибет пенен январь айында Өзбекстан ҳәм Беларусь Президентлери бир-бирин қутлықлап, хат жоллаған еди.

Дәрек: «Халқ сўзи» газетасы

Қарақалпақстан хабар агентлиги