Корея Республикасы менен Қарақалпақстан арасындағы сыртқы саўда айланысы өткен жылы 28 миллион 427 мың АҚШ долларынан арттты. Кейинги еки жыллық көрсеткишлер бойынша нырқы 50 млн АҚШ долларына шамалас боян тамыр өнимлери Корея Республикасына экспорт етилген.

Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасында Қубла Корея инвесторларының қатнасыўында 7 қоспа кәрхана өз жумысларын алып бармақта.

Атап айтқанда, газды қайта ислеў арқалы полиэтилен ҳәм полипропилен өнимлерин шығаратуғын «UZ-KOR GAS CHEMICAL» кәрханасы, боян тамырын қайта ислеўге қәнигелескен Хожели районындағы «KYUNG DONG SLICE», Тақыятас районындағы «DAE YOUNG LICORICE», қурылыс тараўында бирге ислесетуғын Қоңырат районындағы «WESTSTROY GROUP», сондай-ақ, өткен жылдың август айынан берли жумыс алып барып атырған Қоңырат районы аймағындағы шарўашылық өнимлерин қайта ислеўге қәнигелескен «ZAM AND AAS» қоспа кәрханаларының аймақтың экономикасында тутқан орны гиреўли.

Бул көрсеткишлер мәмлекетлеримиз арасындағы саўда-экономикалық байланыслардың жедел пәтлерде раўажланып баратырғанлығын көрсетеди.

Корея Республикасының Өзбекстан экономикасына киргизген инвестицияларының көлеми болса 7 миллиард АҚШ долларынан артып кетти. Елимизде Қубла Корея капиталының қатнасыўында 461 кәрхана өз жумысларын әмелге асырмақта. Бул кәрханалар нефть-газ, химия, қазып алыў, машина өндириси, электротехника ҳәм тоқымашылық тараўларында, информациялық коммуникациялар, транспорт ҳәм логистика, сондай-ақ, туризм бағдарларында нәтийжели жумыс алып бармақта.

Еслетип өтемиз, өткен жылдың 22-25-ноябрь күнлери Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Корея Республикасына мәмлекетлик сапары даўамында еки мәмлекеттиң экономикалық ҳәм финанслық структураларының басшылары, жетекши исбилерменлериниң қатнасыўында Қубла Корея-Өзбекстан бизнес-форумы шөлкемлестирилген еди.

Бизнес-форумда елимиз басшысы еки мәмлекет арасындағы саўда-экономикалық байланыслар раўажланып атырғанын, Өзбекстанда бизнес жүргизиў ушын жетерли шараят және мүмкиншиликлер жаратылғанын атап өтип, Өзбекстан Корея Республикасының бизнес ўәкиллери менен бирге ислесиўден мәпдар екенлигин билдирген еди.

Бул көрсеткишлердиң барлығы мәмлекетлер арасындағы дослық ҳәм өз ара мәплерге тийкарланған қарым-қатнасықларымыздың беккемлигинен дәрек береди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы