Наманган ўәлаятында жасаўшы Нәзигүл Исмайлова деген қыз бийдәрек жоғалған еди.

Бул қыз Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги патруль-пост хызмети басқармасының хызметкери, қатардағы Избасар Фазылов ҳәм миллий гвардия хызметкери, сержант Рустам Хидиров тәрепинен табылып, усы жыл 20-февраль күни ата-анасына тапсырылды.

Ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң қырағылығы нәтийжесинде ата-анасының баўырына қайтарылған қыздың анасы Дилноза Парпиевадан жақында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигине миннетдаршылық хаты келди. Онда былай делинеди:

«Үшқорған районы «Ёғду» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында Нурабат көшеси 44-жайда жасайман. Қызым үйден шығып кетип, бийдәрек жоғалған еди. Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги патруль-пост хызмети басқармасының хызметкери, қатардағы Избасар Фазылов ҳәм гвардия хызметкери, сержант Рустам Хидировлар  өзлериниң хызмет ўазыйпасын атқарыў пайытында қызымды таўып берип, қәўип-қәтердиң алдын алды. Буның ушын бул хызметкерлерге өз миннетдаршылығымды билдиремен».

Биз де өз гезегинде елимиздиң тынышлығы, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў жолында күни-түни хызмет атқарып киятырған ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң жумысында табыслар тилеп қаламыз.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.