Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Нызамшылық палатасында 5-март күни Түркия парламентиниң «Түркия-Өзбекстан» парламентлераралық дослық топарының баслығы Ҳайдар Али Йилдиз басшылығындағы Түркия Республикасының Уллы миллет мәжилиси делегациясы менен ушырасыўлар болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Н.Йўлдошев пенен ушырасыўда дослық ҳәм өз-ара исенимге тийкарланған Өзбекстан-Түркия бирге ислесиўи ҳәр қыйлы бағдарларда жедел раўажланып, парламентлераралық қатнасықлар беккемленип баратырғаны болса өз-ара қатнасықлардың буннан былай да кеңейиўине хызмет етип атырғаны атап өтилди.

Түркия Республикасы менен барлық тараўлардағы бирге ислесиў, атап айтқанда, парламентлераралық қатнасықлардың раўажландырылыўы Өзбекстан сыртқы сиясатының ең әҳмийетли тийкарғы бағдарларынан бири болып есапланады. Түркия Республикасы парламенти делегациясының бул сапар етиўи парламентлераралық сөйлесиў ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2017-жылдың октябрь айында Түркия Республикасына мәмлекетлик сапары даўамында ерисилген келисимлердиң әмелий нәтийжеси болып есапланады.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының  Спикери Н.Исмоилов пенен сөйлесиўде еки елдиң нызам шығарыўшы уйымлары арасындағы байланыслар, сондай-ақ, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы, оны буннан былай да раўажландырыў ҳәм тереңлестириў принциплери додаланды.

Мийманларға елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар туўралы айтып өтилди.

Ушырасыўларда  Ҳайдар Али Йилдиз соңғы ўақытлары еки елдиң жоқары ўәкилликли уйымлары арасындағы байланыслар белсене раўажланып атырғанын айрықша атап өтти. Бул сыяқлы әмелий байланыслар еллеримиз арасындағы сиясий, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық ҳәм, әлбетте, парламентлераралық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға хызмет ететуғынын атап өтти.

Сондай-ақ, Түркия парламенти делегациясының елимизге сапары шеңберинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Түркия Республикасы Уллы миллет мәжилиси менен  бирге ислесиў бойынша парламентлераралық топары менен Түркия Республикасы Уллы миллет мәжилисиниң «Түркия-Өзбекстан» парламентлераралық дослық топарының биринши қоспа мәжилиси өткерилди.

Сөйлесиўдиң жуўмағында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Түркия Республикасы Уллы миллет мәжилиси менен бирге ислесиў бойынша парламентлераралық топары менен Туркия Республикасы Уллы миллет мәжилисиниң «Түркия-Өзбекстан» парламентлераралық дослық топары арасында өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў бойынша 2018-жылға мөлшерленген әмелий илажлар режеси («Жол картасы»)не қол қойылды.

Түркия делегациясының сапары шеңберинде Өзбекстан ҳәм Түркия исбилермен топарларының қатнасыўында бизнес-форум ҳәм кооперациялық биржа да өткерилди. Саўда-санаат палатасы ҳәм  Олий Мажлис Сенаты  менен биргеликте  шөлкемлестирилген форумда еки елдиң экономика, инвестиция, саўда-санаат, туризм, қурылыс, электротехника, аўыл хожалығы, азық-аўқат, жеңил санаат, тоқымашылық сыяқлы тараўлар ушын жуўапкер министрликлери ҳәм ведмостволары, компанияларының басшылары қатнасты.

Әнжуманда түркиялы исбилерменлер елимизге инвестиция киргизиў принциплери, өндирис ҳәм қайта ислеў тараўы, тоқымашылық ҳәм жеңил санаат, туризм тараўындағы имканиятлар менен танысты. Аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ҳәм қайта ислеў, сақлаў, қадақлаў, азық-аўқат өнимлерин экспорт етиўге қәнигелестирилген комплекслерди қурыў, тоқымашылық ҳәм текстиль санаатында жаңа жойбарларды әмелге асырыў сыяқлы бир қатар мәселелер додаланды.

Сол күни түркиялы мийманлар Халықаралық пресс-клубтың «Өзбекстан-Түркия саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўиниң раўажланыў перспективалары» темасында шөлкемлестирилген гезектеги мәжилисинда қатнасты.

Улуғбек ШОНАЗАРОВ,

ӨзА ның хабаршысы