Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасында киши санаат зоналарын шөлкемлестириў илажлары ҳаққындағы қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти, деп жазады ӨзА.

Қарарға муўапық, Әмиўдәрья, Хожели, Шымбай, Қоңырат, Беруний ҳәм Тақыятас районларында пайдаланылмай турған өндирислик майданлар және бос турған объектлер негизинде киши санаат зоналары шөлкемлестириледи.

Киши санаат зоналары аймағындағы исбилерменлик субъектлерине мәмлекетлик көшпес мүлк объектлери жойбарларды әмелге асырыў ҳаққындағы келисимлерди орынлаў және барлық салықлар ҳәм басқа мәжбүрий төлемлерди өз ўақтында төлеў шәрти менен кейин ала мүлк ҳуқықы берилген ҳалда 5 жыллық узақ мүддетке ижараға бериледи.

Сондай-ақ, мәмлекетлик көшпес мүлктен пайдаланыў ушын ижара төлеминиң «ноль»лик ставкасы белгиленген.

Киши санаат зоналарында 2020-жылдың 1-февралына шекем жер салығын төлеўден азат етиледи.

Бул киши санаат зоналарында әмелге асырылып атырған инвестициялық жойбарларды қаржыландырыў ушын 75 миллион АҚШ жоллары муғдарында кредит линиялары ашылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги