Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслары, алып барылып атырған реформалар процеси, ири жойбарлар менен танысыў мақсетинде 2-март күни Наўайы ўәлаятында болды.

Наўайы ўәлаяты өзиниң мийнеткеш халқы, жер асты ҳәм жерүсти байлықлары, үлкен экономикалық потенциалы менен елимизде айрықша орын ийелейди. Ўәлаятта кәншилик, металлургия, химия, энергетика, қурылыс материаллары, азық-аўқат санааты турақлы раўажланған.

Бүгин ўәлаятта ири санаат кәрханалары жумыс алып бармақта. Наўайы кән-металлургия комбинаты, «Наўайыазот», «Қызылқумцемент», «Наўайы ыссылық электр станциясы» акционерлик жәмийетлери ҳәм «Электрхимиязаводы» қоспа кәрханалары солардың қатарына киреди.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев өткен жыл 28-март күни ўәлаятқа сапар етип, социаллық-экономикалық раўажланыў процесине байланыслы жумыслар менен танысқан еди. Арадан өткен бир жыл даўамында ўәлаятта үлкен жумыслар әмелге асырылды. Орынланыў процеси мәмлекет басшысының жеке қадағалаўында. Президентимиздиң бул сапар етиўи де әне усы мақсетлерге қаратылғаны менен әҳмийетли саналады.

Мәмлекет басшысы дәслеп Кәрмана районындағы «Karmana golden eggs» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде болды. Оны шөлкемлестириў бойынша жойбар өткен жылдың март айында Президентке усынылған еди. Арадан өткен ўақыт даўамында биринши басқыштағы жумыслар басланды. 90 күнде таўық жетистириўге мөлшерленген қусшылық комплексинде елиў жумыс орны жаратылды. Комплексте шөже үш ай даўамында бағылып, мәйек беретуғын таўық ҳалында сатыўға шығарылады.

Президент Шавкат Мирзиёев жойбардың инта көрсетиўшилери менен келешектеги режелери ҳаққында сөйлести. Мәлим етилгениндей, 2019-жылы инкубация, мәйек жетистириў комплекслерин иске түсириў мөлшерленген. Алынатуғын өнимниң 30 проценти экспортқа шығарылады, және 100 адамның бәнтлиги тәмийинленеди.

– Қусшылық бойынша система жаратылыпты, – деди Президент. – Енди бул жерде мәйек жетистириўди ҳәм оны экспортқа шығарыўды жолға қойыў лазым.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң Наўайы ўәлаятына сапары шеңберинде «Наўайы» еркин экономикалық зонасында алдағы режелер менен таныстырыў мәресими болып өтти. Бизге белгили болғанындай, 2010-2016-жылларда экономикалық зонада 22 жойбар әмелге асырылған болып, 904 жумыс орны жаратылған. Усынылған режеге бола, 2017-2019-жылларда 32 жойбар әмелге асырылып, 1659 жумыс орны жаратылады. Онда элктротехника, фармацевтика ҳәм медициналық буйымлар, машина ҳәм автомобиль қурылысы, қурылыс материаллары, химия ҳәм нефть химиясы өнимлерин ислеп шығарыў нәзерде тутылған.

Жойбарларда мрамор ҳәм гранит тасларды, композит тас өнимлерин ислеп шығарыў режеси де орын алған. Тас каръерлеринен мрамор қазып алыў, қайта ислеў, композит ҳәм архитектура қурылмаларын жаратыў жумыслары орынланады.

Мәмлекетимиз басшысына усынылған және бир реже бойынша 2018-2019-жылларда улыўма нырқы 84,5 миллион АҚШ долларына тең болған алюмин профиллер, аксессуар ҳәм комплектлеўши буйымлар ислеп шығаратуғын 4 жойбар әмелге асырылады.

– Наўайы ўәлаятында экономикалық жойбарларды әмелге асырыў ушын барлық имканиятлар бар, – деди Президент. – Бул имканиятлардан өнимли пайдаланыў ушын инталы исбилерменлерди табыў керек. Бул ушын жақын ўақытта ўәлаятта бизнес-форум шөлкемлестириў лазым. Оған шет елли инвесторларды да тартыў мақсетке муўапық болады. Әне, сонда Наўайыға ең сайланды инвесторлар келеди.

Ўәлаятта шийше өнимлерин ислеп шығарыў жойбары Зарафшан қаласы аймағында әмелге асырылады. 350 адамның бәнтлиги тәмийинленетуғын кәрханада сийпақ лист айна, шийше ыдыслар ислеп шығарылады.

Президентке заманагөй теплицалар шөлкемлестириў, қусшылықты, балықшылықты раўажландырыў бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Балықшылыққа байланыслы реже мәмлекетимиз басшысына мақул болды. Онда Кәрмана районындағы шаңарақларда киши суў ҳәўизлери жаратылып, интенсив усылда балық жетистириў мөлшерленген. Жойбарға бола, еки сотых жерде интенсив усылда балық жетистириледи. Мәмлекетимиз басшысына жетистирилетуғын балық түрлери, азықлығы, дәраматлар ҳаққында мағлыўмат берилди.

– Балық диеталық өним болып табылады, гөштиң орнын басады. Солай екен, бул тармақты раўажландырыўға айрықша итибар бериў зәрүр, – деди Президент. – Шаңарақларда жетистирилген балық халыққа тек ғана қосымша дәрамат дәреги емес. Ол денсаўлық ушын да пайдалы болып табылады.

Мәлим етилгениндей, Наўайы ўәлятындағы «Тодакөл» суў сақлағышында ашылатуғын балықшылық комплексине 1200 гектар жер ажыратылады. Иранлы инвесторлар тәрепинен әмелге асырылып атырған жойбар жылына 5000 тонна балық өнимлерин (балық филесин, фаршын, қақланған балық) таярлаўды нәзерде тутады.

Елимиздиң ықлым шараятына сай, таў ҳәм таўалды аймақларда жетистирилетуғын писте дәнеси зор дәми менен айрықшаланып турады. Илимпазлардың пикиринше, писте тереги мың жылға шекем зүрәәт береди.

Президент Шавкат Мирзиёевке Наўайы ўәлятына сапары шеңберинде Нурата районында 10 мың гектар қарызған жерде шөлкемлестирилетуғын интенсив писте плантацияларының жойбары менен танысты. Мәмлекетимиз басшысы оның абзаллықлары ҳаққындағы ҳаққында толық мағлыўмат берилди. Баҳасы 21 миллион сумлық бул жойбардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде 850 адам турақлы жумыс пенен тәмийинленеди.

Мәлим болғанындай, бизде қолда бар технологиялар тийкарында егилген писте  11-12 жылда өним береди. Бир түп теректен 200-300 грамм зүрәәт алыў мүмкин. Жаңа плантацияларды жетик технологиялар тийкарында жаратыў нәзерде тутылған. Яғный нәлханада өсирилген нәлшеге екинши жыл сортлы пистелерди алынған ғумша егиледи. Үшинши жылдан оны ашық атызда егиў мүмкин. Бул технологияда егилген писте 7-8 жылда өним береди. Оның бир түбинен 1,5-2 килограмм писте алыў мүмкин.

– Аўыл хожалығына илимий көзқарастан қарамай қойғанымыздың себебинен көплеген егинлерден күтилген дәрежеде зүрәәт ала алмай атырмыз, – деди Президент. – Буннан кейин тараўға илим жетискенликлерин кеңнен енгизиў, егинди егиўден баслап оны жыйнап-терип алыўға  шекем илимпазлар менен биргеликте жумыс алып барыў керек. Зүрәәтлилик қанша жоқары, экспортқа қолайлы болса, дийқан байыйды. Бизиң тийкарғы мақсетимиз де сол.

Писте плантациялары 2018-2021-жыллар даўамында жаратылады.

Мәмлекетимиз басшысына Ташкент химия технологиялары илимий-изертлеў институтының илимпазлары ислеп шыққан гидрогель туўралы да мағлыўмат берилди.

Президент Шавкат Мирзиёев Наўайы ўәлаятында шөл тоғайлығын раўажландырыў илимий орайын шөлкемлестириў, Хатирчи районында бағ ҳәм заманагөй теплица жаратыў, мийўе-овощты қайта ислеў, Нәўбәҳәр районында тамшылатып суўғарыў усылында бадам ҳәм писте плантацияларын ашыў, қаракөлшилик, түбит жүнли ешкилерди көбейтиў, 2018-2019-жылларда ўәлаятта азық-аўқат тәмийнатын раўажландырыў ҳәм бир қатар басқа да бағдарларға байланыслы жойбарлар менен танысты. Оларды өз ўақтында сапалы орынлаў бойынша тапсырмалар менен көрсетпелер берди. Мәмлекетимиз басшысы Наўайыға сапар етиўи даўамында ўәлаяттың ең алыс аймақларынан бири – Тамды районында да болды. Райондағы 12-балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде Наўайы ўәлаятында әмелге асырылып атырған жойбарлар ҳәм келешектеги режелер менен танысты.

Президентке дәслеп Тамды, Үшқудық, Кенимех районлары ҳәм Зарафшан қаласын комплексли раўажландырыў илажлары ҳаққында мағлыўмат берилди. Ўәлаяттың бул алыс районлары ҳәм Зарафшан қаласында санаат, халық тутыныў товарлары, аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў, хызмет көрсетиў тармақларында әмелге асырылатуғын жойбарлар халықтың абаданлығын жақсылаўға хызмет етеди.

Атап айтқанда, Үшқудық районы жүнди қайта ислеў ҳәм таяр өним ислеп шығарыўға қәнигелестириледи. Сондай-ақ, «Үшқудық текстиль» ЖШЖ тәрепинен быйылғы жылы таяр кийим-кеншек ислеп шығарыў жолға қойылады. Нәтийжеде 320 адам жумыс пенен тәмийинленеди.

«Қизилқум марвариди» кәрханасы тәрепинен гидропоника усылында теплица қурылады. Зарафшан қаласында жылына 4,5 мың тонна арматура, 10 миллион квадрат метр айна, 250 миллион дана шийше ыдыс ислеп шығарыў, дерлик 2 мың басқа мөлшерленген шарўашылық  комплекси, сыйымлылығы 500 ҳәм 200 тонна болған музлатқышлы қоймаханалар қурыў, 100 мың бастан зыят қус бағыў, балықшылық хожалығы, теплицалар шөлкемлестириў жойбарлары әмелге асырылады.

Тамды, Кенимех районларында да сол сыяқлы перспективалы жойбарлар турмысқа енгизилди. Нәтийжеде еки жыл ишинде 4 мың жумыс орнын  жаратыў нәзерде тутылған. Мағлыўматларға бола, Кенимех районында үлкен жолдың бойында шөлкемлестирилген түйешилик комплексине өткен жылы 61 мәмлекеттен 3 мың турист келген. Бул жердеги шараятлар талапқа жуўап бермейтуғын еди. Тармақтың нәтийжелилигин итибарға алып, бул жерде мың бас түйе ҳәм 500 бас нәсилли ешки бағыўға мөлшерленген шарўашылық комплексин жаратыў режелестирилип атыр. Улыўма нырқы 15,7 миллиард сум болған бул заманагөй шарўашылық комплекси ушын шет елден нәсилли ешкилер сатып алынады. Бул жерде жылына мың тонна түйе, 300 тонна ешки сүти қайта исленеди. Бул орын тек ғана түйе ҳәм ешкишилик комплекси емес, ал жылына 10 мың туристти қабыл ететуғын заманагөй экотуризм орайына айланады.

Усы жерде түйе сүтиниң емлик қәсийетине тоқтап өтиў керек. Оның қурамында А, В1, В2, С ҳәм D витаминлери сыйыр сүтине қарағанда 3 есеге көп. Кальций, калий, магний, темир, мыс, марганец, цинк, фосфор сыяқлы микроэлементлерге бай. Буннан тысқары, түйе сүтинде эластин, ланолин, лактоферрин сыяқлы пайдалы затлар бар. Ол қантлы диабет, кемқанлық, гепатит, дем алыў ҳәм асқазан-ишек жоллары, бөтеке, жүрек, нерв кеселликлерине даўа болып, иммун системасын беккемлейди.

Бул жерге келген  туристлер, әне, усы шыпалы сүттен татып көриўи, шөл бойлап түйе ҳәм квадроциклларда қыдырыўы мүмкин болады. Мәмлекет басшысы жуўапкер адамларға комплексти Ғәрезсизлик байрамына шекем қурып питкериў ҳәм туристлерге зәрүр шараят жаратыў бойынша тапсырмалар берди.

Тамды районындағы Наўайы кән-металлургия комбинатына қараслы 4 мың бас қой бағыўға мөлшерленген шарўашылық комплекси де усындай перспективалы жойбарлардан болып, ўәлаятта қаракөлшиликти раўажландырыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыўға хызмет етеди.

Социаллық жойбарлар менен таныстырыў да болып өтти. Атап айтқанда, Тамды районында «Шадлық» Меҳрибанлық үйи тәрбияланыўшылары ушын балалар қалашасы қурылады. Майданы 4,3 гектар болған қалашада балалар ушын барлық қолайлық жаратылады. Қурылыс жумыслары март айында басланып, жылдың аяғына шекем жуўмақланады.

Зарафшан қаласында фонтанлар қурыў, Үшқудық районындағы «Кәнши» санаториясын оңлаў ҳәм үскенелеў жойбарлары қалалардың абадан болыўына ҳәм халықтың денсаўлығын беккемлеўге хызмет етеди.

Президент Зарафшан ҳәм Үшқудық қалаларындағы көп қабатлы турақ жай фондын оңлаў жумыслары менен танысты.

– Алыста жайласқан бул қалалардың халқы жақсы жасаўға ҳақылы, – деди мәмлекет басшысы. – Өткен жылы 150 жай оңлап берилген еди, 2018-2019-жылларда қалған 723 турақ жайдың басынан жер төлесине шекем ири оңлаўдан шығарылады.

Ҳәзирги ўақытта 2026-жылға шекем қымбат баҳалы металлар қазып алыўды көбейтиў, «Ауминзо-Амантай» кәнин өзлестириў, Мурынтаў кәнин өзлестириўдиң 5-басқышы, Тамды районындағы 2-гидрометаллургия заводының қуўатлықларын кеңейтиў сыяқлы жойбарлар менен таныстырыў болып өтти.

Мәмлекетимиз басшысы барлық жойбарларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў, өним ислеп шығарыўды буннан былай да кеңейтиў бойынша зәрүр көрсетпелер берди.

Шавкат Мирзиёев бул жерде Тамды, Үшқудық, Кенимех районлары ҳәм Зарафшан қаласының жәмийетлик ўәкиллери, ақсақаллары, жаслар, исбилерменлер менен сөйлести. Сөйлесиўде елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, жаратылып атырған үлкен имканиятлар, жан қоңсыларымыз бенен дослық байланыслар жеделлесип атырғаны, адамларды жумыс пенен тәмийинлеў, ең алыс Тамды районында суў дәреклерин табыўдың есабынан халықтың абаданлығын арттырыў, жаслар тәлим-тәрбиясы сыяқлы мәселелер ҳаққында сөз етилди.

Сол күни Хатирчи районы ҳәкимлигинде ўәлаят белсендилериниң қатнасыўында мәжилис болып өтти. Онда ўәлаяттың экономикасын, адамлардың турмыс шараятын жақсылаўға, жаңа жумыс орынларын жаратыўға итибарды күшейтиў, билимлендириў, медицина ҳәм басқа да тараўларда басланған реформаларды избе-из даўам еттириў, ҳаял-қызлар арасында жынаятшылықты азайтыў сыяқлы бир қатар әҳмийетли мәселелер додаланды. Президент адамлардың машқалаларын ҳәм усыгнысларын тыңлап, жуўапкерлерге оларды қысқа ўақытта сапластырыў бойынша тийисли тапсырмалар берди.

Соның менен Президент Шавкат Мирзиёевтиң Наўайы ўәлаятына сапары жуўмақланды. Сапар даўамында айрықша атап өтилгениндей, перспективалы жойбарлардың, берилген тапсырмалардың орынланыўы мәмлекет басшысының турақлы қадағалаўында болады.

ӨзА