Өзбекстан Республикасы Президентиниң пуқаралардың мәўсимлик мийнет пенен шуғылланыў ушын республикадан сыртқа транспортта шығыў ўақтында қәўипсизликти тәмийинлеў илажлары ҳаққындағы қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.

Қарар тийкарында:

– 2018-жылдың 1-майына шекем мәўсимлик мийнет пенен шуғылланыў ушын пуқаралар көп баратуғын Россия ҳәм Қазақстан аймақлары және қалаларына жаңа темир жол жөнелислерин енгизиў;

– 2018-жылдың 1-июнына шекем мәўсимлик мийнет пенен шуғылланыў ушын республикадан сыртқа шығып атырған пуқаралар тәрепинен талап жоқары болған жөнелислерде жаңа жолаўшы поездларын қойыў және плацкарт, сондайақ, улыўмалық вагонлардың санын көбейтиў;

– 2018-жылдың 1-июлына шекем мәўсимлик мийнет пенен шуғылланыў ушын республикадан сыртқа шығып атырған пуқараларды тасыў ушын зәрүр болғанда шет ел темир жол компанияларының республика аймағына кириўин, Өзбекстан темир жол линияларынан Россия Федерациясы ҳәм Қазақстан Республикасы станцияларына шекем жолаўшы тасыўды нәзерде тутқан ҳалда тәмийинлеў;

– 2018-жылдың 1-майына шекем Министрлер Кабинетине Өзбекстан ҳаўа жоллары МАК жанында төменлетилген тарифлерде тасыўшы, кем бюджетли авиакомпания (лоукостер) шөлкемлестириў ҳаққында усынысларды киргизиў нәзерде тутылған.

Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги электрон мағлыўматлар базасында дизимге алынған мәўсимлик мийнет пенен шуғылланыў ушын республикадан сыртқа шығып атырған пуқараларға төмендеги жеңилликлер берилмекте:

– 2018-жылдың 1-апрелинен баслап пуқараларға плацкарт ҳәм улыўмалық вагонларға темир жол билетлери және экономлық класс авиабилетлери баҳаларына 20% ке шекемги шегирме;

ҳәр бир пуқараға темир жол ҳәм авиабилет сатып алыў қәрежетлериниң бир бөлимин қаплаў мақсетинде 300 мың сумм муғдарында бийминнет төлем (жылына бир мәрте).

Қарарда мәўсимлик мийнет пенен шуғылланыў ушын республикадан сыртқа шығып баратырған пуқаралар ушын төмендегилерди өз ишине алған банк ҳәм қамсызландырыў хызметлерин көрсетиў нәзерде тутылған:

АК «Алоқабанк»тың әпиўайыластырылған ашыў шәртлери менен «VISA-migrant» пластик карталарын енгизиў, сондайақ, АКИБ «Ипотека банк» тәрепинен мәўсимлик мийнет пенен шуғылланыў ушын республикадан сыртқа шығып баратырған пуқараларға 1000 АҚШ доллары эквивалентинде кредит ажыратыў;

– «Ўзагросуғурта» АЖ тәрепинен Россия Федерациясына мәўсимлик мийнет пенен шуғылланыў ушын баратырған пуқараларды комплексли қамсызландырып қорғаў бойынша Россияда өз ўәкилханаларын ашыў, жеңилликли тарифлер бойынша пуқаралардың өмири менен денсаўлығын қамсызландырыўды рәсмийлестириў.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги