Ассалаўма әлейкум, қәдирли апа-сиңлилер!

Ҳүрметли дослар!

Ҳәммемиз асығып күткен мине усы гөззал бәҳәр күнлеринде, 8-март-Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы қарсаңында, сиз әзизлер менен ушырасып турғанымнан оғада қуўанышлыман.

Бәринен бурын, сизлерди, сизлердиң тымсалыңызда барлық аналарымызды, апа-сиңлилеримизди, дилбар қызларымызды әне усы байрам менен шын жүректен қутлықлап, өзимниң терең ҳүрмет-иззетимди билдириўге руқсат еткейсиз.

Бул қутлы әййямда ҳүрметли ҳаял-қызларымызға шын жүректен шыққан, ең жақсы тилеклеримизди билдирер екенбиз, биринши гезекте муқаддес ҳәм қәдирли Ана тулғасына бас ийемиз.

Ҳаялдың гөззаллығы ҳәм нәзиклиги, опадарлығы ҳәм садықлығы, ақыл-парасаты ҳәм пидайылығы әсирлер даўамында жер жүзинде өмирдиң даўамлылығына ҳәм мәңгилигине тийкар болып келеди. Сонлықтан да дүньядағы ең уллы көркем өнер дөретпелери, қосық ҳәм одалар, архитектуралық естеликлер ҳаял-қызлардың ҳүрметине бағышланған болып есапланады.

Шаңарақ ҳәм жәмийеттиң үстини, өмиримиздиң қут-берекети ҳәм көрки болған ҳаял-қызларды қәдирлеў, оларға ҳүрмет-иззет көрсетиў халқымыз ушын әзел-әзелден уллы қәдрият болып келген ҳәм сондай болып қалады. Себеби сизлер менен өмиримиз гөззал ҳәм мазмунлы, шаңарақларымыз абат ҳәм кеўилли болып табылады.

Әлбетте, Өзбекстан деп аталған әзиз Ўатанымызда ҳәр бир мәрт жигит ең дәслеп меҳрийбан анасы, шаңарағы, перзентлериниң бахытлы болыўын қәлейди, ҳәзирети Әлийшер Наўайы бабамыз атап өткениндей, бул жолда өзиниң пүткил өмирин бағышлаўға таяр турады.

Бүгинги байрамды биз-Өзбекстан уллары, мәртлери бәринен бурын, жүрегимизде, қәлбимизде сизлерге болған меҳир-муҳаббатымызды және бир мәрте билдириў имканиятын беретуғын әййям, деп қабыл етемиз.

Әзиз ҳәм ҳүрметли апа-сиңлилер!

Бүгинги күнде Өзбекстанды буннан былай да раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгилеп берилген мақсет ҳәм ўазыйпаларға ерисиўде сиз, әзизлердиң шексиз үлесиңиз бар. Бул ушын сизлерге ҳәр қандай мақтаўлар ҳәм жақсы сөзлер айтсақ, арзыйды, әлбетте.

Ҳәзирги ўақытта елимизде ҳәр қыйлы тараўлар менен тармақларда мийнет етип атырған жумысшы ҳәм хызметкерлердиң 45 процентин ҳаял-қызлар қурайды. Соның ишинде, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер системасында 1 мың 400 ге шамалас апа-сиңлилеримиз басшылық лаўазымларында мийнет етпекте. Олардан 17 си сенатор, 16 сы Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты болып, 1 мың 75 си болса халық депутатлары жергиликли кеңеслери қурамында жумыс ислемекте.

Онлаған апа-сиңлилеримиз «Өзбекстан Қаҳарманы», «Өзбекстан илим ғайраткери», «Өзбекстан халық оқытыўшысы», «Өзбекстан халық шайыры», «Өзбекстан халық артисти» сыяқлы мәмлекетимиздиң жоқары ҳүрметли атақларына, орден ҳәм медальларына ийе болған. Олардың арасында 500 ден зыят илим докторлары ҳәм академиклер, мыңлаған илим кандидатлары өз билими ҳәм таланты менен Ўатанымыздың раўажланыўына шын жүректен хызмет етпекте.

Бүгинги ушырасыўымызда әне усындай қәдирли ҳаялларымызды, олардың даўамшылары болған талантлы қызларымыздың мүнәсип ўәкиллерин көрип турғанымнан қуўанышлыман.

Қәдирли дослар!

Сизлерге жақсы белгили, ҳүрметли апа-сиңлилеримиздиң жәмийетлик турмыстағы орнын ҳәм абыройын арттырыў мақсетинде жақында «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Президент пәрманы қабыл етилди.

Пәрманда ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин күшейтиў, нызамлы мәплерин тәмийинлеў, талантын ҳәм имканиятын жүзеге шығарыў, шаңарақ институтын беккемлеў, аналықты ҳәм балалықты қорғаўға қаратылған көплеген илажлар белгиленди.

Ҳеш кимге сыр емес, Ҳаял-қызлар комитетинен, оның орынлардағы бөлимлеринен көплеген нәрселерди талап ететуғын едик. Лекин, ашық айтыў керек, бул ушын оларда жетерлише имканият бар ма яки жоқ па, бул туўралы көбинесе ойлап көрмейтуғын едик. Бул комитет ҳаял-қызлардың машқалаларын билгени менен, оларды шешиў бойынша дерлик әмелий илажлар көре алмайтуғын еди.

Усылардың барлығын есапқа алып, бәринен бурын Өзбекстан ҳаял-қызлар комитети ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң жаңаланған структуралары тастыйықланып, штат бирликлери ҳәм хызметкерлериниң айлық мийнет ҳақысы арттырылды. Оларға қосымша ўәкилликлер ҳәм имканиятлар берилип, нәтийжели жумыс ислеўи ушын зәрүр шараятлар жаратылмақта.

Пәрманға бола усы жыл 1-апрельден баслап пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларында ҳаял-қызлар менен ислесиў ҳәм шаңарақларда руўхый әдеп-икрамлылық қәдриятларды беккемлеў бойынша қәниге лаўазымы  енгизилмекте.

Соған итибар бериң, енди 8 мың 800 билимли, жанкүйер қәниге ҳаял-қызлар шаңарақлық қатнасықларды жақсылаў, келиспеўшилик жағдайлардың, ажырасыўлардың, ерте некелердиң алдын алыў, шаңарақлық қәдриятларды беккемлеў, ҳаял-қызлардың руўхый әдеп-икрамлылық тәрбиясы бойынша турақлы жумыс алып барады.

Ҳәммемиз жақсы түсинемиз, бүгинги тез өзгерип атырған, қарама-қарсылықлы дәўирде шаңарақлық мәселелерди илимий тийкарда терең үйренбей турып, жәмийетлик турмыстағы көплеген қыйын сораўларға жуўап табыў қыйын. Соның ушын Министрлер Кабинети жанында «Шаңарақ» илимий-әмелий изертлеў орайы ҳәм оның аймақлық бөлимлери шөлкемлестирилди ҳәм олардың жумысларын нәтийжели жолға қойыў, имарат ҳәм зәрүрли үскенелер менен тәмийинлеў илажлары көрилмекте.

Соның менен бирге, бурын Әдиллик министрлиги қарамағында болып келген пуқаралық ҳалатлары актлерин жазыў мәкемелери, ескише айтқанда, ЗАГС мәкемелери район ямаса қала ҳәкиминиң орынбасары – Ҳаял-қызлар комитети баслығына бойсындырылды. Енди олар тек ғана неке қатнасықларына байланыслы ҳүжжетлерди рәсмийлестириў емес, ал шаңарақ институтларын беккемлеў, шаңарақтағы ажырасыўлардың алдын алыў бойынша да белсене жумыс алып барады. Мәселен, шаңарақ университетлерин шөлкемлестириў, некеден өтетуғын шахслар менен сәўбетлесиў, той-мерекелерди тәртипли өткериў, ажырасыўлардың алдын алыў ҳәм басқа да әҳмийетли илажларды әмелге асырыўға қатнасады.

Усы пурсаттан пайдаланып, сиз, әдиўли апа-сиңлилеримизден той ҳәм мерекелеримизди ықшам және мазмунлы етип өткериў бойынша өз пикирлериңизди билдирип, оны шешип бериўиңизди өтиниш етемен.

Пәрманға муўапық Ҳаял-қызларды ҳәм шаңарақты ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды дүзилип, оның жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў ушын ҳәзирше 300 миллиард сум қаржы ажыратылмақта.

Усы қаржы есабынан ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, мийнет шараятларын жақсылаў, әсиресе, аўыллық жерлердеги жас қызларды шаңарақлық ҳәм жеке исбилерменликке, өнерментшиликке кеңнен тартыўға итибар қаратылады. Бул бағдардағы  ис-ҳәрекетлер жедел исбилерменликти раўажландырыў, ҳаял-қызлардың шаңарақтан, перзент тәрбиясынан ажыралмаған ҳалда жумысты үйге алып ислеў, қыйтақ жерлерде дийқаншылық пенен шуғылланыўы ушын зәрүр шараят жаратады.

Қабыл етилген пәрманға муўапық, кем тәмийинленген, жеке меншик турақ жайға мүтәж болған шаңарақларға турақ жай алыў ушын ажыратылатуғын кредитлердиң басланғыш төлемлерин төлеп бериўде де фонд қаржыларынан пайдаланыў белгиленген.

Пәрманда және бир әҳмийетли жаңалық нәзерде тутылған. Оған бола усы жылдан баслап Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлықты он төрт жасқа толған ҳәм отыз жастан өтпеген талантлы қызларға бериў бойынша жаңа тәртип енгизилди.

Енди ҳәр жылы Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласынан еки қызға усы сыйлық бериледи.

Быйыл 28 талантлы қызымыз Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлыққа ийе болды. Бүгин оларға усы сыйлықларды сизлердиң алдыңызда салтанатлы түрде тапсырамыз.

Әлбетте, Пәрманда белгилеп берилген әҳмийетли ўазыйпалар ҳаққында және де көп айтыў мүмкин. Бирақ, барлығымыз жақсы түсинемиз, бул ўазыйпалар еле – мақсет, реже ғана, оларды нәтийжели әмелге асырыў ушын ҳәммемиз, ең алды менен, сиз, ҳүрметли ҳаял-қызларымыз бенен биргеликте белсене жумыс алып барыўымыз керек.

Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!

Хабарыңыз бар, өткен бир жыл даўамында биз халқымыз, атап айтқанда, ҳаял-қызлар менен пикирлесиўди мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтердик. Усы тийкарда аўыл ҳәм қалаларымызда үйме-үй жүрип, социаллық-руўхый орталықты үйрениў, бул бағдардағы машқалаларды шешиў бойынша нәтийжели система жаратылды. Бүгинги күнде усы системаның әҳмийетли бөлеги сыпатында орайдан баслап ең алыс районларға шекем жәмийетлик қадағалаў топарлары жумыс алып бармақта.

2017-жылы 5 миллионнан аслам шаңарақтың аўҳалы үйренилип, 15 миллион пуқара менен сәўбетлесиўлер өткерилди, халық тәрепинен көтерилген 500 мыңнан аслам машқаланың 72 проценти орынларда шешилди, 14 мыңнан аслам шаңарақтағы тыныш емес жағдайлар сапластырылды. Солардың қатарында елимизде жасап атырған, бирақ пуқаралығы болмаған 1 мың 100 ден аслам шахсқа Өзбекстан пуқаралығы берилди. Олардың арасында жүзлеген ҳаял-қызлардың бар екенлиги ҳәм оларға деген әдилликтиң тикленгени, әлбетте, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў жолындағы әҳмийетли қәдем болып табылады.

Елимизде усы ўақытқа шекем ҳаял-қызларды ең көп қыйнап келген мәселе – мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин раўажландырыўға да айрықша итибар қаратылмақта. Бул терең ойланған сиясат болып, елимизде үзликсиз тәлим-тәрбия системасын жоқары дәрежеде қәлиплестириў имканын береди.

Усы көзқарастан алып қарағанда, «Келешек – бақшадан басланады» деген сүрен дәбдебели гәп емес. Негизинде ўатанға деген муҳаббат, ел-журтқа деген пидайылық бир қарағанда әпиўайы, бирақ турмыслық талап болған усындай әҳмийетли жумыслардан басланады.

Биз быйыл 3 мыңнан аслам балалар бақшасын шөлкемлестириўди режелестиргенбиз. Соннан 1 мың 200 бақша жаңадан қурылады, 1 мың 360 бақша өз имаратларында ҳәм 470 бақша болса үй бақшасы сыпатында шөлкемлестириледи. Бул бағдарда мәмлекетлик-жеке шериклик қатнасықлары тийкарында аймақларға бириктирилген коммерциялық банклер ҳәм исбилерменлердиң имканиятларын кеңнен иске қосамыз.

Мен аймақларға барғанымда қала ҳәм аўылларымызда қурылып атырған жаңа бақшалар, олардағы шараятлар менен танысыўға айрықша дыққат қаратаман. Ең баслысы, бундай ислерден аналарымыз, ҳаял-қызларымыз, кишкене перзентлеримиздиң кеўли толмақта.

Соның менен бирге, бул тараўда шешиўимиз зәрүр болған мәселелер де көп. Мәселен, бул системада жумыс алып барып атырған дерлик 60 мың тәрбияшының тек ғана 21 проценти жоқары мағлыўматлы, қалғаны болса орта арнаўлы мағлыўматқа ийе.

Әне, усы мәселени шешиў ушын 2018-2019-оқыў жылынан баслап жоқары оқыў орынларында мектепке шекемги билимлендириў бағдары бойынша күндизги бөлимде бакалаврларды таярлайтуғын 3 жыллық системаны енгизип атырмыз. Сондай-ақ, бул бағдар бойынша сыртқы ҳәм кешки билимлендириў түринде бакалаврларды таярлаў системасы да жолға қойылады.

Март айынан баслап аймақларымыздағы университет ҳәм педагогика институтлары базасында бақша педагоглары ҳәм усы тараўда қәниге болмаған кадрлар ушын ярым жыллық оқыў бағдарламалары тийкарында қайта таярлаў курслары шөлкемлестирилмекте.

Хабарыңыз бар, биз усы тараў хызметкерлериниң машақатлы мийнетин хошаметлеў мақсетинде жақында өз алдына қарар қабыл еттик. Оған бола, усы жыл 1-марттан баслап бақша хызметкерлериниң мийнет ҳақысы еки басқышта сезилерли рәўиште арттырып барылады. Мине, усы мақсетлер ушын 2018-жылы мәмлекетлик бюджеттен 386 миллиард сум қосымша қаржы ажыратылады.

Буннан тысқары, 2023-жылдың 1-январына шекем Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Наўайы, Қашқадәрья, Сурхандәрья ҳәм Бухара ўәлаятындағы экономикалық жағдайы аўыр болған айырым районларда мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде бақша төлемлери муғдары 50 процентке азайтылды.

Қәдирли ўатанласлар!

Мәмлекетимизде аналық ҳәм балалықты қорғаў, ҳаял-қызлар саламатлығын беккемлеў мақсетинде медицина тараўын, атап айтқанда, қыстаўлы медициналық жәрдем системасын буннан былай да жетилистириў, дәри-дәрмақ тәмийнатын жақсылаў бойынша көп жумыслар исленбекте. Мине усы жумысларды жаңа басқышқа көтериў ушын быйылғы жылы бюджет қаржылары есабынан дерлик 1 триллион сум қаржы ажыратылып, бул бағдарда жаңа қәдемлер қойылады.

Барлық аймақларда перинатал жәрдем сапасын жақсылаў, аналар ҳәм балаларға көрсетилетуғын медициналық хызмет дәрежесин арттырыў мақсетинде халықаралық қаржы институтларының жәрдемин де тартыў нәзерде тутылмақта.

Елимизде ҳаял-қызлардың дем алыўы, денсаўлығын тиклеўине де үлкен итибар берилмекте. Бул ҳаққында сөз еткенде, бир санға дыққатыңызды қаратпақшыман. Ҳәр жылы кәсиплик аўқамларына қараслы санаторийлерде дем алып атырған халықтың 60 процентин ҳаяллар қурамақта. 2017-жылы 75 мыңға шамалас ҳаял мине усындай орынларда жеңилликли жолламалар тийкарында саламатластырылды.

Соның менен бирге, аўыллық шыпакерлик пунктлериниң жумысын, профилактика ҳәм патронаж системасын буннан былай да жетилистириў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Әйне пайытта ҳәммемиз жақсы билемиз, бул тараўда да машқалалар жоқ емес. Атап айтқанда, ҳәмиледар ҳаялларды скрининг тексериўинен өткериў жумыслары талап дәрежесинде емес. Бул бағдардағы үлкен кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде шаңарақлық поликлиникалар ҳәм аўыллық шыпакерлик пунктлеринде қызларымыз, ҳаялларымыз ушын өз алдына медициналық мәсләҳәтханалар шөлкемлестирилмекте.

Бул мәселелердиң әҳмийетин сизлер ана сыпатында, тәрбияшы ҳәм устаз сыпатында басқаларға қарағанда жақсырақ түсинесиз, деп ойлайман.

Биз халқымыздың талап ҳәм тилеклерин инабатқа алып, көп жыллар даўамында аўыр мәселе болып келген турақ жай машқаласын шешиўге киристик.

Бул бағдарда, әсиресе, ипотека кредитлери тийкарында қурылып атырған арзан турақ жайлар көпшиликке мақул болмақта.

Өткен жылы қала ҳәм аўылларымызда жәми 3,5 миллион квадрат метрден зыят үлги жайлар ҳәм көп қабатлы турақ жайлар салынып, мыңлаған журтласларымыз жаңа, заманагөй турақ жайларға ийе болды. Атап айтқанда, социаллық қорғаўға мүтәж ҳәм майыплығы болған пуқаралардың турмыс шараятын жақсылаў, оларға жеңилликли жайлар ажыратыў бойынша жаңа система енгизилгени, әсиресе, айрықша әҳмийетке ийе.

2017-жылдың өзинде 1 мың 207 мүтәж, майып ҳаялға арзан турақ жайлар берилди. Олардың 972 сине қәўендер шөлкемлер тәрепинен тигиў машиналары алып берилип, үй мийнети менен шуғылланыўы ушын шараят жаратылды.

Быйылғы жылы бул бағдардағы жумысларымыз және де кеңейтилип, 10 мыңнан аслам социаллық жәрдемге мүтәж, майып ҳаяллар жумыс орынлары менен тәмийинленеди. 2018-жылы халық, әсиресе, жас шаңарақлардың талабын есапқа алып, арзан турақ жайларды қурыў көлеми 1,5-2 есеге арттырылады. Бул мақсетлер ушын 5 триллион 286 миллиард сум қаржы сарпланады.

Соның менен бирге, аўыр турмыслық шараятта жасап атырған, бағыўшысынан айырылған, майыпларды күтип қарап атырған шаңарақларға 242 миллиард сум қаржы ажыратылады.

Өткен жылы елимиз бойынша 120 мыңнан артық исбилермен ҳаял-қызларға жәми 2 триллион 700 миллиард сумлық кредитлер берилди, 84 мыңнан аслам ҳаял-қызларымыз турақлы жумыс орынлары менен тәмийинленди, ҳаялларды кәсипке оқытыў курслары шөлкемлестирилип, оларда мыңлаған апа-сиңлилеримиз түрли кәсиплерге үйретилди.

Сизлерге мәлим, биз 2018-жылды елимизде Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы, деп жәрияладық. Усы мүнәсибет пенен қабыл етилген Мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде исбилермен ҳаялларға быйыл 2 триллион 800 миллиард сумлық кредит қаржыларын ажыратыў мөлшерленбекте.

Исбилерменлик субъектлериниң жумысларын тексериў бойынша еки жыллық мораторий жәрияланғаны шаңарақлық бизнес, үй мийнети, жеке исбилерменликтиң раўажланыўы ушын кең имканиятлар ашып бермекте.

Өткен жылы мәдений-гуманитар тараўларды раўажландырыў бойынша исленген жумыслар да ҳаял-қызлардың турмыслық мәплерине тиккелей қатнасы бар, деп ойлайман. Соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм бир қатар ўәлаятларда жоқары оқыў орынларының филиаллары, талантлы ул-қызларымыз ушын уллы жазыўшыларымыздың атлары менен аталған дөретиўшилик мектеплери ҳәм «Темурбеклер мектеплери», «Улығбеклер мектеплери» қурылды.

Әлбетте, шеңбери ҳәм көлеми барған сайын кеңейип баратырған бундай ийгиликли ислеримиз ҳаққында және көплеп мысаллар келтириў мүмкин. Лекин, биз бул ислердиң барлығын үлкен жолдағы дәслепки қәдемлер, деп билемиз. Турмысымызды жаңалаў, аналарымыз, апа-сиңлилеримизди разы етиў мақсетинде баслаған ислеримиз биз күткен әмелий нәтийжелерди бериўи ушын келешекте оларды және де күшейтемиз.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Бүгинги күнде халықаралық терроризм, экстремизм, наркотрафик, нызамсыз миграция, адам саўдасы, экологиялық машқалалар күшейип атырғаны пүткил инсаниятты, соның ишинде, бизди де қатты қәўетерге салмақта. Бундай қурамалы шараятта елимизде ҳәм регионымызда тынышлық ҳәм турақлылықты сақлаў ҳәр қашанғыдан да айрықша әҳмийетке ийе болып бармақта.

Биз бул бағдарда қоңсы мәмлекетлер менен шериклик байланысларын раўажландырыўға айрықша итибар бермектемиз.

Мине, бүгин-ертең Тәжикстан Республикасына мәмлекетлик сапар менен барамыз. Жақын қоңсымыз болған бул мәмлекет пенен де көплеген әҳмийетли мәселелерди өз-ара додалап, оларды әмелий жақтан шешиў нийетиндемиз.

Биз сырт еллерде нызамлы тийкарда мийнет етип атырған, билим алып атырған пуқараларымызға мүнәсибетти түп-тийкарынан өзгерттик.

Елимизден арнаўлы делегациялар барып, сырт еллердеги ўатанласларымыз бенен ушырасыўлар өткерип атырғаны, олардың мийнет ҳәм жасаў шараятларын жақсылаў, ҳақ-ҳуқықларын тәмийинлеў бойынша жергиликли басқарыў мәкемелери менен биргеликте зәрүр илажлар көрилип атырғанынан сизлер хабардарсыз, деп ойлайман. Атап айтқанда, сырт мәмлекетлерде табыслы ислеп атырған жоқары маманлықтағы илимпаз ҳәм қәнигелеримиз, шыпакерлер, уқыплы инвесторлар – олардың арасында талантлы апа-қарындасларымыз да көп – елимизге мирәт етип, өз билим ҳәм тәжирийбесин Ўатанымызды раўажландырыў жолында ислетиўи ушын барлық шараятларды жаратып бермектемиз. Себеби, бул инсанлар да бизиң ўатанласларымыз, Өзбекстан пуқаралары. Соның ушын биз бул ислерди алдағы ўақытлары және де күшейтемиз.

Бәршеге белгили, елимизде социаллық-руўхый орталықты саламатластырыў мақсетинде диний-экстремистлик ағымға тийисли шахс сыпатында есапта туратуғын пуқараларға мүнәсибетимизди пүткиллей өзгерттик. Бундай шахсларды өзимизге жақын алып, дәртин тыңлағанымыз бүгин өз нәтийжесин бермекте. Ҳәзирги ўақытта мине усындай мыңлаған пуқаралар саламат турмыс тәризине қайтарылды.

Бул дүньяда ең жаман нәрсе не? Ғәремет тасларын жабыў емес пе? Усы көзқарастан алып қарағанда бул инсанлардың шаңарағы, перзентлери «Бул пәленшениң ҳаялы», «Бул пәленшениң баласы» деген ҳәр қыйлы ғәреметлерден қутылғаны ең үлкен ис болды. Енди олар мәҳәлледе, мектепте, көшеде басын көтерип, жәмийетлик турмысымызда белсене қатнасыў имканиятына ийе болды. Бүгинги күнде мине усы пуқаралардың турмыслық машқалаларын шешиў, жумысқа орналастырыў, исбилерменлик пенен шуғылланыў тилегин билдиргенлерге банк кредитлерин ажыратыў бойынша анық илажлар көрилмекте.

Елимизде дурыс жолдан адасқан инсанлар улыўма болмаслығы ушын бул бағдардағы жумысларды төменлетпей, избе-из даўам еттириўимиз керек. Өз жумысымызды жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық тийкарында шөлкемлестириўимиз тийис. Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы, Имам Бухарий ҳәм Имам Термизий атындағы халықаралық илимий-изертлеў орайлары, Ислам академиясы сыяқлы илимий-ағартыўшылық мәкемелери де әне усы мақсетлерди гөзлеп шөлкемлестирилгени ҳәммеңизге жақсы белгили, деп ойлайман.

Сиз, ҳүрметли ҳаял-қызларымыз өзиңиздиң аналық меҳриңиз, турмыслық билим ҳәм тәжирийбеңиз бенен перзентлеримизди ҳәр қыйлы қәўип-қәтерлерден сақлаўда, оларды беккем ерк-ықрарлы, руўхый-интеллектуал жақтан жетик, әзиз Ўатанымызға садық инсанлар етип тәрбиялаўда буннан былай да күш-ғайратыңызды аямайсыз, деп исенемен. Әсиресе, қыз балаларды турмысқа таярлаў, оларды заманагөй билимлер, кәсип-өнерлерге үйретиўде биз бәринен бурын сизлерге сүйенемиз.

Хабарыңыз бар, өткен жылы көпшилик ата-аналар, жасларымыз, кең жәмийетшилик тәрепинен билдирилген усынысларды есапқа алып, улыўма билим бериў мектеплеринде 11 жыллық системаны тикледик. Бундай қарарды қабыл етиўде биринши гезекте сизлердиң пикириңизди итибарға алғанымыз, қызларымыздың тәғдири, келешеги ҳаққында ойлағанымыз – бул да әйне ҳақыйқат. Себеби, қыз бала алыс қала яки райондағы колледжге бармастан, ата-анасының баўырында турып, өзиниң қәдирдан мектебинде оқыўды даўам еттирсе, оның өзи де, шаңарағы да тыныш-қәтержам болады. Перзентлер тынышлығы, олардың бахты, камалы – жәмийеттиң ең үлкен байлығы. Буның әҳмийетин ата-ана болған адам биледи. Әсиресе, ҳәзирги тынышсыз, қурамалы заманда бул ҳақыйқатлықты және де тереңирек аңлаў – бул да турмыс талабы.

Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!

Бүгинги мәжилисимизде ҳүрметли мийманларымыз – Америка Қурама Штатлары елшиси Памела Спратлен ханым, Қытай Халық Республикасы елшиси Цзянь Янь ханым, Франция елшиси Виолен де Вильмор ханым, Египет Араб Республикасы елшиси Амани Элетр ханым, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Өзбекстандағы ўәкилханасы баслығы Хелена Фрейзер ханымлар қатнасып, байрам қуўанышын биз бенен бөлиспекте. Бул әзиз мийманларымызды сизлердиң атыңыздан, өзимниң атымнан шын кеўлимнен қутлықлап, олардың алдағы жумысларында үлкен табыслар ҳәм әўметлер тилеўге рухсат еткейсиз.

Қәдирли апа-сиңлилер!

Биз  қала ҳәм аўылларымыз, пүткил елимизди буннан былай да раўажландарыў, халқымыз турмысын мүнәсип дәрежеге көтериў бойынша қандай реже ҳәм бағдарламалар қабылласақ, ең дәслеп сиз, әзизлердиң арзыў-нийетлериңиз ҳәм мәплериңизди жүзеге шығарыўды өз алдымызға ўазыйпа етип қойғанбыз. Ҳәзирги күнде бул бағдарда үлкен әмелий жумысларды баслап атырмыз.

Пүткил мәмлекетимиз бойынша заманагөй жойбарлар тийкарында үлкен қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылмақта. Бул бағдарда әсиресе, «Абат аўыл» бағдарламасы айрықша әҳмийекте ийе. Бул бәринен бурын ҳаял-қызларымыздың турмыс шараятын жақсылаў, олардың кейпияты, дүньяқарасын раўажландырыўға жүдә үлкен унамлы тәсир көрсететуғын бағдарлама болып табылады. Мине усындай бағдарламаларымыз тийкарында жоллар, билимлендириў ҳәм медицина, мәденият, спорт мәсканлары, турақ жайлар жаңаланбақта. Мыңлаған заманагөй өндирис кәрханалары, киши бизнес, туризм ҳәм хызмет көрсетиў объектлери қурылмақта.

Әсиресе, ишки туризм бойынша жаратылып атырған имканиятлар елимиз бойлап саяхан етиў, өз тарийхымызды ҳәм мәдениятымызды және де терең билиўге қаратылғаны менен итибарлы.

Наўрыз байрамы мүнәсибети менен белгиленген қосымша дем алыс күнлеринде сизлер шаңарағыңыз, перзентлериңиз бенен мине усындай шараятлардан пайдаланып, мазмунлы дем алыў имканиятына ийе боласыз, деп ойлайман.

Әзиз апа-сиңлилер!

Сөзимниң соңында бәршеңизди Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы менен және бир мәрте шын кеўлимнен қутлықлайман.

Мениң тилегим, мениң мақсетим биреў ­ шаңарағыңыз, перзентлериңиз, ел-журтымыз бахтына ҳәмийше саў-саламат болыңлар!

Неге дегенде, ҳаял-қызларымыздың бахты ­ халқымыз, жәмийетимиздиң бахты. Бәршеңизге шаңарақлық қәтержамлық, үйлериңизге тынышлық, қут-берекет тилеймен. Ҳәмийше халқымыз, Ўатанымыздың жоқары меҳри ҳәм ардағында болыў ҳәммеңизге несип етсин!

Үлкен рахмет сизлерге