Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт мектебин шөлкемлестириў ҳаққындағы Ҳүкиметлик қарар қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.

Бул қарар тийкарында Дене тәрбиясы ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитетиниң Нөкис қаласында жаңа спорт комплекси тийкарында Олимпия ҳәм спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт тәжирийбе мектеби шөлкемлестириледи.

Жоқары спорт тәжирийбе мектебиниң тийкарғы ўазыйпаларының бири сыпатында спорттың олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша шуғылланыў ушын зәрүрли спорт көрсеткишлери, спорт дәрежеси, спорттың сайланған түри бойынша профессионал көнликпелер және тәжирийбеге ийе болған қәбилетли, сондай-ақ, перспективалы спортшыларды сайлап алыў белгиленбекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги