Бүгин Нөкис қаласында Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы хызметкерлери ҳаял-қызлар басқарыўындағы автомобиллерди тоқтатып, оларды байрамы менен қутлықлап, гүл инам етпекте.

Әжайып илажды шөлкемлестириўде Өзбекстанда хызмет көрсеткен артист, белгили киноактёр Учқун Тиллаев та белсене қатнаспақта.

Күтилмеген сюрпризден ҳаял-қызлардың қуўанышы шексиз.

Қарақалпақстан Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, жыл басынан берли бирде-бир ҳаял-қызлар басқарыўындағы жол-транспорт ҳәдийсеси жүз бермеген.

Илаждан көринислер: