Ташкентте 5-март күни Өзбекстан-Россия министрликлераралық сөйлесиў шеңберинде жумысшы топарлардың ушырасыўлары болып өтти.

2017-жылы Өзбекстан ҳәм Россия Федерациясының бирге ислесиўи жаңа басқышқа көтерилди. Еки ел басшылары арасындағы дослық қатнасықлар министрликлер ҳәм ведомстволараралық бирге ислесиўдиң  тез пәт пенен раўажланыўын тәмийинлеўде әҳмийетли фактор болмақта.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң 2017-жыл  4-5-апрель күнлери Россия Федерациясына  мәмлекетлик сапары шеңберинде қаржы министрликлери арасындағы бирге ислесиў ҳаққында меморандумға қол қойылған болып, оған муўапық салық сиясаты, салық ҳәкимшилиги ҳәм жергиликли бюджетлердиң бийғәрезлигин арттырыўда бирге ислесиўди беккемлеў нәзерде тутылған.

Меморандумның орынланыўы шеңберинде салық ҳәм қаржы уйымларының тәжирийбесин үйрениў бойынша өз-ара сапарлар әмелге асырылмақта, турақлы түрде видеоконференциялар өткерилип келинбекте.

Өзбекстан ҳәм Россия қаржы министрликлери арасындағы келисимлердиң әмелий орынланыўы шеңберинде елимизге Россия Федерациясының тийисли министрликлери ҳәм ведомстволары ўәкиллеринен ибарат делегациясы келди.

Ушырасыўларда Өзбекстан Республикасының Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги, Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик салық ҳәм Мәмлекетлик бажыхана комитетлериниң ўәкиллери, бийғәрез экспертлер қатнасты.

Қәнигелер арасындағы сөйлесиў бир неше бағдар бойынша шөлкемлестирилди. Атап айтқанда, Россияның салыққа тартыў ҳәм бажыхана нызамшылығы тараўындағы тәжирийбеси, еки министрликтиң өз-ара мәплерине байланыслы басқа да бағдарлар бойынша жумысшы топарлар дүзилди.

Тәреплер еки елдеги миллий экономиканың жағдайы ҳаққында мағлыўмат алмасып, Россия-Өзбекстан қатнасықларының раўажланыўы ҳәм қаржы тараўындағы өз-ара шериклик принциплерин белгилеп алды.

Илажда қатнасыўшылар тәрепинен нәтийжели бирге ислесиўдиң перспиктивадағы бағдарлары ҳәр тәреплеме додаланып, бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў бойынша өз-ара мәплерге тийкарланған «жол картасы» ислеп шығылды. Онда нәзерде тутылған илажлардың орынланыўы қаржы министрликлери арасындағы өз-ара тығыз ҳәм конструктив бирге ислесиўди тәмийинлейди.

Еки ел қаржы министрлигиниң 6-март күни болып өтетуғын ушырасыўында усы «жол картасы»на қол қойыў режелестирилген.

ӨзА