Быйылғы жылы республикамыз бойынша 89 фермер хожалығы тәрепинен жәми 131 гектар майданда мийўели бағ, 342 фермер хожалығында 400 гектар майданда жаңадан жүзимгершилик пайда етиў режелестирилген. Сондай-ақ, 101 гектар майдандағы бағ ҳәм 53 гектар жүзимгершиликте реконструкциялаў жумыслары алып барылып, олардың орнына экспортбап мийўе және жүзим нәллери отырғызылады. Усы майданларға 133 мың дана мийўели нәл, 503 мың дана жүзим нәли талап етиледи.

Бул ҳаққында Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң Нөкис филиалында өткерилген «Бағ ҳәм жүзимгершиликти раўажландырыў, жаңадан бағ ҳәм жүзимгершиликлер пайда етиў, ескилерин реконструкциялаў, азық-аўқат өнимлерин көбейтиў мақсетинде бағ-жүзимгершиликлердиң араларында мәўсимлик және тәкирарый егин сыпатында овощ, палыз, картошка ҳәм басқа да егинлерди жетистириў, оларды экспортқа жибериў» темасындағы әмелий семинар-кеңесте айтылды.

Мәлим болыўынша, өткен жылы республикамызда жәми 80 мың 658 тонна мийўе, 12 мың тонна жүзим жетистирилген. Бул халықтың жан басына усы өнимлер менен тәмийинлеў 47 процентти қураған. «Өзвиносанаат-холдинг» холдинг компаниясы жәрдем менен Нөкис районында 15 гектар майданда мийўели бағ, 5 гектар майданда жаңадан нәлхана шөлкемлестирилген.

Илажда жүзимгершиликте алып барылатуғын агротехникалық илажлар, оларға алдыңғы технологияларды енгизиў,  жаңадан мийўели бағ және жүзимгершиликти пайда етиў, оларда ушырасатуғын кеселлик ҳәм зыянкеслерге қарсы гүресиў, сондай-ақ тараўды буннан былай да раўажландырыўда банк тәрепинен ажыратылатуғын кредит қаржылары, жанылғы-майлаў материаллары менен тәмийинлеў мәселелери сөз етилди.

Семинар қатнасыўшылары «Ифода», «JOHN DEERE» компаниялары, «Chimgan» трактор заводы, «Қорақалпоқагрокимёхимоя» аймақлық акционерлик жәмийети тәрепинен жүзимгершиликте ушырасатуғын кеселлик ҳәм зыянкеслерге қарсы гүресиўде қолланылатуғын препаратлар, олардың қатар араларын ислеўши түрли маркадағы тракторлар, комбайнлар, орым-жыйын техникалары, мотоцикллар көргизбеси менен танысты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы