«UzKor Gas Chemical» қоспа кәрханасы Халықаралық ҳаял-қызлар күнине арнап өз мийнет жәмәәти ҳаял-қызларына әжайып саўға инам етти. Усы ҳәпте дем алыс күнлери қоспа кәрхана ҳаял-қызлары Ташкент қаласына байрам сапарына шығып, гөззал пайтахтымыздың көрнекли жерлерине саяхат етеди.

Саяхатшылардың сапар даўамында Репрессия қурбанлары музейине, Әмелий көркем-өнер музейине, Кафал әл-Шаши, Минор, Намазгоҳ және Тилла-Шейх мешитлерине, Ҳәзирети Имам (Хастимам) комплекси менен Баракхана медресесине зыярат етиўи, Мустақиллик майданы менен Әмир Темур қыябанына саяхат етиўи режелестирилген. Буннан тысқары, жәмәәт Алишер Наўайы атындағы Ташкент опера ҳәм балет театрында спектакльге, «Истиқлол» көркем өнер сарайында Өзбекстан халық артисти Юлдуз Усманованың байрам концертине барады.

Қоспа кәрхана ҳаял-қызлары ушын заманагөй қолайлы автобус, экскурсия ушын гид, түнеў ушын абыройлы отеллер және пайтахтымыздың ең жақсы ресторанлары жоқары дәрежеде хызмет көрсетеди.

Бул әжайып сапар алдынан Үстирт газ-химия комплексиниң өзинде ҳаял-қызлар ушын илаж ҳәм байрам дәстурханы шөлкемлестириледи.

Бул саяхат ҳәм шөлкемлестирилип атырған илажлар олардың байрамын мазмунлы етип, умытылмас тәсирлер бағыш ететуғыны анық.

Айтып өтиў зәрүр, «Uz-Kor Gas Chemical» қоспа кәрханасында бүгинги күнде жетпистен аслам ҳаял-қызлар жумыс ислемекте. Олар өндирислик процесске өзлериниң салмақлы үлесин қосып, жәмийетлик жумысларда да белсене қатнаспақта. Қоспа кәрхана ҳаял қызларынан метролог Рая Дәўлетназарова елимиз ғәрезсизлигиниң 25 жыллығы мүнәсибети менен «Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген санаат хызметкери» ҳүрметли атағына миясар болған еди. Қоспа кәрхана лаборанты Талўас Жаббарбергенова өзиниң қосықлары менен газета бетлеринде шығып, танылып киятырған шайыр қыз есапланады.

М.Игиликова.

Қарақалпақстан хабар агентлиги